Алыс «Кердер»деги бақша имараты заманагөй көриниске ийе болып атыр
927
Соңғы жыллары елимизде ҳүрметли Президентимиздиң тапсырмасына тийкар шетки ҳәм аўыр шараяттағы мәҳәллелер инфраструктурасын жақсылаў, аймақлардағы социаллық объектлерди оңлаў, халқымызға мүнәсип турмыс шараятын жаратыў бағдарында көлемли жумыслар алып барылмақта. Бул илажлар шеңберинде Нөкис районының шетки «Кердер» аўыл пуқаралар жыйынында да бир қатар илажлар әмелге асырылып, пуқараларды жыллар даўамында қыйнап келген мәселелерге шешим табылып атыр. Атап айтқанда, аймақтағы 9-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми имаратын реконструкциялаў ҳәм жаӊадан асхана қурыў ушын 3,6 млрд. сум қаржы ажыратылды. 150 орынға мɵлшерленген бақша жанында қосымша 25 орынлы имарат қайта тикленди. Усы тийкарда заманагɵй бақшада 175 баланы қамтып алыў мүмкиншилиги жаратылмақта. Ҳәзирги ўақытта қурылыс жумыслары жуўмақланыў алдында.