КЕЎИЛ БИЛДИРИЎ
1399
Әзиз Ўатанласлар!
Бүгин биз ушын оғада қайғылы күн!
Күни кеше Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығының орынбасары, Өзбекстан Қаҳарманы, ҳүрметли устазымыз Муса Тажетдинович Ерниязов 73 жасында бул өмирден көз жумды.
Бул ўақыя пүткил халқымызды терең қайғыға салды.
Муса Тажетдинович өз өмирин қарақалпақ үлкесиниң раўажланыўына бағышлады.
Ақсақалымыз өзиниң дерлик 50 жыллық мийнет жолы даўамында бир қанша жуўапкерли лаўазымларда шын жүректен хызмет етип, Қарақалпақстан Республикасының социаллық-экономикалық раўажланыўына, халқымыздың турмыс пәраўанлығының артыўына өз үлесин қосқан, халқымыз ҳәм мәмлекетимизге садықлық пенен, ҳадал және пидәкерлик пенен хызмет еткен инсан.
Муса Тажетдинович Қарақалпақстанның ҳақыйқый перзенти, ҳақыйқый қаҳарманы еди. Бул үлкениң ҳәр бир қарыс жерин бес бармағындай билетуғын, қай жерде қандай машқала бар, адамлар қандай шараятта жасап атыр, не ислесек бул машқалаларды шешиўге болады, буның ушын қандай шешим керек, барлығын билетуғын еди ҳәм ол өз өмирин ақырғы күнлерине шекем усы машқалаларды шешиўге бағышлады.
Ол бир өмир өзи сыяқлы ақкөкирек, туўры сөзли ҳәм кишипейил адамлар менен бирге болып, ҳәр бир пуқарамыздың дәрти, тәшўиши менен жасады.
Ҳәр қандай қыйын шараятта да халқымыздың мәпин ойлап, халқымызға хызмет етиўди өз өмириниң мазмун-мәниси деп билди.
Әсиресе, 18 жыл даўамында республикамызды айрықша ақыллылық, үлкен тәжирийбе менен басқарған ўақтында барлық салаларда избе-из реформалар әмелге асырылды.
Атап айтқанда, соңғы 4 жыл ишинде әмелге асырылған кең көлемли дөретиўшилик жумыслары бүгин көз алдымызда бой тиклеп, нәтийжеси көрине баслады. Усындай ийгиликли ислериниң арқасында Муса Тажетдинович қарақалпақ халқының меҳири ҳәм ҳүрметине еристи.
Әлбетте, Муса Тажетдиновичта бундай ҳүрмет ҳәм потенциалға ерисиў ушын тийкар бар еди.
Яғный, ол 1971-жылы Ташкент аўыл хожалығын ирригациялаў ҳәм механизациялаў инженерлери институтыда, 1986-жылы Ташкент жоқарғы партия мектеплеринде билим алған.
1983-1989-жылларда Қарақалпақстан Республикасы Үй-жай коммунал хожалығы министри,2000-2001-жылларда Шымбай районы ҳәкими, 2001-2002-жылларда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының қурылыс ҳәм коммуникациялар мәселелери бойынша орынбасары болған.
2002-жылдан берли Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы – Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты баслығының орынбасары еди.
Муса Тажетдинович басшы лаўазымда ислеген ўақтында:
2006-жыл “Меҳнат шуҳрати” ордени;
2007-жыл “Пидәкерлик хызметлери ушын” ордени;
2011-жыл “Өзбекстан Республикасына мийнети сиңген қурылысшы” ҳүрметли атағы;
2019-жылда “Өзбекстан Қаҳарманы” атағы менен сыйлықланған.
Әзиз дослар!
Муса Тажетдиновичтиң жарқын естелигине болған ҳүрмет-иззетиңизди биз, бәринен бурын, пүткил Қарақалпақ халқына болған ҳүрмет-иззеттиң көриниси сыпатында қабыл етемиз.
Устазымыз Муса Тажетдиновичтиң жарқын келбети бәршемизди Ўатанды ҳақыйқый меҳир менен сүйиўге, жанажан Өзбекстанымызға, Ҳүрметли Президентимизге садықлық пенен хызмет етиўге шақырып турады.
Ақсақалымыз, атамыз Муса Тажетдиновичтиң бул дүньядан өтиўи мүнәсибети менен пүткил қарақалпақ халқына, Муса Тажетдиновичтиң шаңарақ ағзалары ҳәм ағайин-туўысқанларына терең қайғырыў менен кеўил айтаман!
Әзиз Ўатанласлар!
Биз бүгин марҳум устазымыз, ақсақалымыз
Муса Тажетдиновичтиң жарқын келбети алдында бас ийип, елимиз раўажланыўы және халқымыздың пәраўанлығы ушын барлық потенциалымызды иске қосып, садықлық пенен хызмет етип, устазымыз баслаған ийгиликли ислерди даўам еттиремиз!
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊесиниӊ Баслығы Қаҳраман Сариев