КЕЎИЛ БИЛДИРИЎ
1512
Қәдирли Ўатанласлар!
Ҳүрметли заманласлар!
Мыӊ өкинишлер менен айтыўға туўра келмекте, халқымыз үлкен жоғалтыўға ушырады!
Көп жыллардан берли Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниӊ Баслығы, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығының орынбасары лаўазымында ислеп келген кеӊпейил инсан, үлгили устаз, шебер шөлкемлестириўши, мәмлекетлик, жәмийетлик ҳәм сиясий ғайраткер Муса Тажетдинович Ерниязов өмирден көз жумды.
М.Ерниязов дерлик 50 жыллық мийнет жолы даўамында бир қатар жуўапкерли ўазыйпалар менен лаўазымларда жумыс ислеп, елимизди социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, халқымыздыӊ бахытлы ҳәм абадан турмысын тәмийинлеў бағдарында жоқары нәтийжелерге еристи.
Ол өзиниӊ алдына қойған мақсетлерине әлбетте ерисетуғын қайсар ҳәм тыянақлы пикирге ийе инсан сыпатында кеўиллерден тереӊ орын ийеледи. Елге дәўлет әкелген басшы сыпатында халқымыз арасында кеӊнен танылды. Өзиниӊ туўры сөзлилиги, кем гәплилиги, инсанларды түсине алыўы, ҳәр қандай мәселе ҳәм машқалаға унамлы шешим табыўы, тереӊ билими ҳәм узақты көре билиўи менен ажыралып турды.
М.Ерниязов 1971-жылы Ташкент аўыл хожалығын ирригациялаў ҳәм механизациялаў инженерлери институтын, 1986-жылы Ташкент жоқарғы партия мектебин тамамлады.
Мийнет жолы даўамында Қарақалпақстан Республикасы Үй-жай коммунал хожалығы министри, Шымбай районы ҳәкими, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының қурылыс ҳәм коммуникациялар мәселелери бойынша орынбасары лаўазымларында иследи.
2002-жылдан берли 18 жыл даўамында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы – Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығының орынбасары лаўазымларында жумыс алып барды.
Ҳүрметли Президентимиздиӊ басшылығында барлық тараўларда жүргизилип атырған реформаларды және де тереӊлестириўде, экономикамызды тағы да беккемлеўде, қала ҳәм районларымыздыӊ барған сайын гүллениўинде, халқымыз турмысында ушырасып атырған социаллық машқалаларды шешиўде Муса Тажетдиновичтиӊ исми ҳүрмет пенен тилге алынатуғынына исенемиз.
Себеби Қарақалпақстанда Муса Тажетдинович тереӊ үйренбеген тараў, оныӊ жәрдеми ҳәм қоллап-қуўатлаўысыз иске түскен объект, ол кирип бармаған аймақ жоқ, десек қәтелеспеймиз.
М.Ерниязовтыӊ көп жыллық жемисли мийнетлери жоқары баҳаланып, “Меҳнат шуҳрати”, “Фидокорона хизматлари учун” орденлери, “Өзбекстан Республикасына мийнети сиңген қурылысшы” ҳүрметли атағы менен ҳәмде елимиздиӊ еӊ жоқары мәмлекетлик сыйлығы – Өзбекстан Қаҳарманы ҳүрметли атағы менен сыйлықланды.
Еӊ тийкарғысы, М.Ерниязов халқымыз исенимине, ҳүрметине еристи.
Әзиз дослар!
Муса Тажетдинович тәрепинен әмелге асырылған дөретиўшилик жумыс пенен ийгиликли ислерге ҳүрмет пенен қарап, оны улуғлаўды парызымыз деп билемиз.
Бул үлкен жоғалтыўдан қабырғасы қайысқан Муса Тажетдиновичтиӊ өмирлик жолдасына, туўған-туўысқанларына, жақынларына, халқымызға тереӊ қайғырыў менен кеўил айтамыз.
Муса Тажетдиновичтиң жарқын естелиги бизиӊ ядымызда мәӊги сақланып қалады ҳәмде оныӊ жарқын келбети алдында бас ийип, ҳүрметли ақсақалымыз баслаған ийгиликли ислерди даўам еттириў ушын барлық күш-ғайратымызды, билим ҳәм тәжирийбемизди аямаймыз.
А.Давлетов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси Баслығыныӊ орынбасары