Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң жетинши сессиясының ашылыўы ҳаққында
1787
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң жетинши сессиясы 2020-жыл 22-август күни саат 11.00 де Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси имаратының үлкен мәжилислер залында ашылады.
Сессияға Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Т.Худайбергенов, Олий Мажлис Сенаты ағзалары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутатлары, ҳүкимет ағзалары, қала, район ҳәкимлери, сектор басшылары ҳәмде ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасыўы күтилмекте.
Сессияда төмендеги мәселе қарап шығылады:
1. Аралбойы регионында экологиялық турақлылықты сақлаў бағдарында әмелге асырылып атырған абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў жумыслары ҳәм жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў мәселелери туўралы.