Босаған орынға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутатын сайлаўды өткериў күнин белгилеў ҳаққында
1734
Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының қарары
Қарақалпақстан Республикасының «Сайлаў ҳаққында»ғы Нызамының 68-статьясына муўапық Қарақалпақстан Республикасының Орайлық сайлаў комиссиясыҚ А Р А Р Е Т Е Д И :
Қоңырат районы бойынша 49-санлы «Қоңырат» сайлаў округинде босаған орынға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутатын сайлаўды өткериў 2020-жылдың 20-сентябрь күнине белгиленсин. Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының баслығы Е.Джуманазаров 2020-жыл 20-август