Халықты социаллық қоллап-қуўатлаўға қаратылған қосымша илажлар ҳаққында
1308
Өзбекстан Республикасы Президентиниң
қ а р а р ы
Коронавирус пандемиясының халықтың турмыс дәрежесине унамсыз тәсирин жумсартыў, халықты социаллық қорғаўға ҳәм жәрдемге мүтәж шаңарақларды материаллық қоллап-қуўатлаўға қаратылған системалы жумыслар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 30-июльдеги «Коронавирус пандемиясы дәўиринде социаллық қорғаўға ҳәм жәрдемге мүтәж халық қатламларын материаллық қоллап-қуўатлаўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПП-6038-санлы Пәрманына муўапық кем тәмийинленген ҳәм қорғаўға мүтәж адамларға кең көлемли социаллық жәрдем көрсетилди. Халқымыздың тарийхый ҳәм руўхый қәдириятларын көрсеткен «Сақаўат ҳәм көмек» улыўмахалықлық ҳәрекетин даўам еттириў және материаллық жәрдем ҳәм көмекке мүтәж шаңарақлардың балаларын қысқы кийим-кеншек топламлары, мектеп формасы ҳәм оқыў қураллары менен тәмийинлеў мақсетинде:- 1. 2020-жылдың сентябрь айында халықтың төмендеги қатламларына бир мәртелик материаллық жәрдем көрсетилсин:
- 2. Усы қарардың 1-бәнтинде нәзерде тутылған бир мәртелик материаллық жәрдем муғдары ҳәр бир 16 жасқа толмаған бала ушын 500 мың сум етип белгиленсин.
- 3. Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги, Халық билимлендириў министрлиги, Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм Қаржы министрлигиниң республикамыздағы барлық басланғыш, улыўма орта билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў мәкемелериниң хызметкерлерин орайласқан тәртипте 2020-жыл 1-октябрьге шекем бийпул гриппке қарсы шаншыў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
- 4. Министрлер Кабинети усы қарарда белгиленген бир мәртелик материаллық жәрдем ҳәм хызметкерлерди шаншыў ушын зәрүр қаржыларды Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 30-июльдеги «Коронавиурс пандемиясы дәўиринде социаллық қорғаўға ҳәм жәрдемге мүтәж қатламларын материаллық қоллап-қуўатлаўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПП-6038-санлы Пәрманында нәзерде тутылған және басқа қосымша дәреклер есабынан ажыратсын.
- 5. Усы қарарда нәзерде тутылған қаржылардың жәрдем ҳәм көмекке мүтәж шаңарақларға мақсетли ҳәм мәнзилли жеткерилиўи бойынша:
- 6. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасарлары Ж.А.Қўчқоровқа, Б.А.Мусаевқа, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң баслығына, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлерине жүкленсин.