Мәжилисте көмекке мүтәж шаңарақларға мәтериаллық жәрдем бериў мәселеси де көрип шығылды.
Усы мақсетте 26-август мәмлекетимиз басшысының «Халықты социаллық қоллап-қуўатлаўға қаратылған қосымша илажлар ҳаққында»ғы және бир қарары қабыл етилген еди.
Қарарға бола, көмекке мүтәж шаңарақлардың балаларын қысқы кийим-кеншек, мектеп формасы ҳәм оқыў қураллары менен тәмийинлеў мақсетинде «темир дәптер»ге киргизилген, бағыўшысын жоғалтқан ҳәм майыплығы болған 16 жасқа толмаған балаларға 500 мың сумнан жәрдем пулы бериледи. Бул материаллық жәрдем менен жәми 810 мыңнан аслам балалар қамтып алынады. Буның ушын 400 миллиард сумнан аслам бюджет қаржылары ажыратылды.
Бағыўшысын жоғалтқан шаңарақлардағы ҳәм майыплығы болған 16 жасқа толмаған балалар бойынша анық есап-китаплар бар болып, төлемлер Пенсия қоры тәрепинен пенсия ҳәм напақаға қосып бериледи. Бул жүдә қолайлы, себеби система бар.
Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги, ҳәкимлер және сектор басшыларына жәрдем пулларын мүтәж шаңарақларға әдил, ашық ҳәм дурыс жеткерип бериў, ҳеш кимди итибарсыз қалдырмаў бойынша тапсырмалар берилди. Халық пенен ушырасып, бул қаржылар ҳақықатында да жәрдемге мүтәж балалардың бәркамал раўажланыўы ҳәм денсаўлығы ушын жумсалыўы зәрүрлигин түсиндириў ўазыйпасы қойылды.
ӨзА