Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине босап қалған орынларға сайланған депутатларды дизимге алыў ҳаққында
Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының қарары
Қарақалпақстан Республикасы “Сайлаў ҳаққында”ғы Нызамының 67-статьясына муўапық Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясыҚ А Р А Р Е Т Е Д И:
Босап қалған орынларға 2020-жыл 20-сентябрьде өткерилген сайлаўлардың жуўмақлары ҳаққындағы округлик сайлаў комиссияларының протоколларына тийкарланып, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине сайланған төмендеги депутатлар дизимге алынсын:|
Сайлаў округиниң номери ҳәм атамасы |
Фамилиясы, исми, әкесиниң исми |
Туўылған жылы ҳәм жери |
Депутаттың кандидатурасын көрсеткен сиясий партияның атамасы |
Жумыс орны ҳәм лаўазымы |
|
4-санлы «Ерназар алакөз» сайлаў округи |
Айымбетова Гүлхатша Аймановна | 1961-жылы, Тахтакөпир районы | Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси | «Айқулаш» қарақалпақ мәмлекетлик миллий фольклор ансамбли вокал артисти |
|
20-санлы «Сарабий» сайлаў округи |
Отемуратов Байрамбай Пердебаевич | 1977-жылы, Қараөзек районы | Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси |
Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты ректоры |
|
25-санлы «Нәўбәҳәр» сайлаў округи |
Реимбаев Адилбек Рузимухаммадович | 1977-жылы, Беруний районы | Өзбекстан Халық демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси |
Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик хызметин раўажландырыў агентлиги Қарақалпақстан Республикасы филиалы баслығының орынбасары |
|
49-санлы «Қоңырат» сайлаў округи |
Айтжанов Пахратдин Юлдашевич | 1967-жылы, Хожели районы | Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси |
“Қоңырат сода заводы” жуўапкершилиги шекленген жәмийети капитал қурылыс бөлими баслығы |
| 63-санлы «Қаракөл» сайлаў округи | Камалов Мурат Қаллибекович | 1955-жылы, Нөкис қаласы | Өзбекстан Экологиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы партия шөлкеми |
Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Аралбойы халықаралық инновация орайы директоры |
| Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының баслығы 2020-жыл, 21-сентябрь | Е.Джуманазаров |