Ағартыўшы жәдидшилик ҳәрекетиниң ғайраткерлерин сыйлықлаў ҳаққында
1503
Өзбекстан Республикасы Президентиниң Пәрманы
Ўатанымыз тарийхының оғада қурамалы дәўиринде – ХХ әсирдиң басларында өзиниң ағартыўшылық жумыслары ҳәм пидәкерлик хызметлери менен миллий тәлим-тәрбия системасын жаратыў және елимиз ғәрезсизлиги, халқымыздың азатлығы ҳәм еркинлиги, келешек әўладлардың абад ҳәм пәраўан турмысын тәмийинлеўге қосқан бийбаҳа үлесин есапқа алып, төмендегилер «Буюк хизматлари учун» ордени менен сыйлықлансын: Абдулла Авлоний (марҳум) – ағартыўшы жазыўшы, педагог, жәмийетлик ғайраткер Маҳмудхўжа Беҳбудий (марҳум) – Түркстандағы жәдидшилик ҳәрекетиниң тийкарын салыўшылардың бири, жазыўшы, педагог ҳәм илимпаз Мунаввар қори Абдурашидхонов (марҳум) – белгили ағартыўшы устаз, жазыўшы, редактор ҳәм жәмийетлик ғайраткер. Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёев.