Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығын сайлаў ҳаққында
1680
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң
Қ А Р А Р Ы
Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының 80-статьясына, «Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 8-статьясына ҳәмде «Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Регламенти ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 14-статьясына муўапық, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы КеңесиҚ А Р А Р Е Т Е Д И :
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине 63-«Қаракөл» сайлаў округинен депутат Камалов Мурат Каллибекович Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы етип сайлансын. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Давлетов Нѳкис қаласы, 2-октябрь 2020-жыл