Нызам жойбары додаланды
1403
Усы жыл 19-октябрь күни Президентимиз басшылығында өткерилген 2021-жылға мөлшерленген мәмлекетлик бюджет параметрлериниң додаланыўына бағышланған видеоселектор мәжилисинде, бюджетти қәлиплестириўде жергиликли Кеңеслердиң ўәкилликлерин еле де кеңейтиў, соннан, аймақлар өзи ушын қосымша резервлерди анықлаўы, олардың есабынан орынлардағы машқалаларды шешиўи, сондай-ақ, бюджет қәрежетлериниң ашық-айдын болыўы, министрликлер менен мәкемелер қаржылардан мақсетке муўапық пайдаланыўы туўралы бир қатар ўазыйпалар белгиленген еди.
Усы ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде 28-октябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде Олий Мажлис Сенатының басламасы менен «2021-жыл ушын Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик бюджети ҳаққында»ғы Нызам жойбарын додалаўға бағышланған мәжилис болып өтти.
Республикамыздың қала ҳәм районлары менен видеоконференция тәризинде өткерилген илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Давлетов, Олий Мажлис Сенаты аппараты басқарма баслығының орынбасары Х.Ганжаев, Өзбекстан Республикасы Финанс министрлиги мәмлекетлик бюджет департаменти бөлим баслығының орынбасары М.Аниёзов, Жоқарғы Кеңес, қалалық ҳәм районлық Кеңеслери депутатлары, тийисли министрлик ҳәм шөлкемлердиң басшылары қатнасты.
Мәжилисти сенатор У.Жалменов ашты ҳәм алып барды.
Күн тәртибиндеги мәселе бойынша Өзбекстан Республикасы Финанс министрлиги мәмлекетлик бюджет департаменти бөлим баслығының орынбасары М.Аниёзов, Қарақалпақстан Республикасы Финанс министри М.Садиковлар шығып сөйлеп, салық-бюджет сиясатындағы тийкарғы өзгерислер ҳәм «2021-жыл ушын Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик бюджети ҳаққында»ғы Нызам жойбары туўралы кең түрде түсиник берди.
Жоқарғы Кеңес, халық депутатлары қалалық ҳәм районлық Кеңеслери депутатлары ҳәм тийисли тараў ўәкиллери тәрепинен нызам жойбары кең түрде додаланды.
Депутатлар күн тәртибиндеги мәселе бойынша қызықтырған сораўларына жуўаплар алып, пикир-усынысларын билдирди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети
М.Ҳабибуллаевтың түсирген сүўретлери