ЖАҢА ИМАРАТТАҒЫ ЖАҢА ҚОЛАЙЛЫҚЛАР
1472
Бозатаў районы қайта шөлкемлестирилиўи менен бәрше мәкеме ҳәм шөлкемлердиң жаңа имаратлары қайта бой тиклемекте. Атап айтқанда райондағы Мәмлекетлик хызметлер орайы имараты да жаңадан бой тиклеп, пайдаланыўға тапсырылды.
Усы жылдыӊ 31-октябрь күни усы мүнәсибет пенен шөлкемлестирилген илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Давлетов, район ҳәкими М.Қайпанов, Мәмлекетлик хызметлер агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы К.Артыков, мәкеме, кәрхана баслықлары, кең жәмийетшилик ўәкиллери ҳәм ҒХҚ хызметкерлери қатнасты.
Салтанатлы ашылыў мәресиминде сөз алғанлар бул жаңа имараттың район халқының машқалаларын шешиўде узақ жыллар даўамында сапалы хызмет етететуғынлығын айрықша атап өтти.
Жаңа имараттың курылыс жумыслары Нѳкис қаласындағы «BAXIT MIRATDIN» ЖШЖ қурылысшылары тәрепинен алып барылды.
Заманагөй ҳәм миллийлигимизди өзинде сәўлелендирген жаңа имарат өзине тән дизайн тийкарында қурып питкерилди. Залда орнатылған мониторларда 140тан аслам мәмлекетлик хызмет алыў тәртиби орайға келиўшилерге усынып барылады. Соның менен бирге, Мәмлекетлик хызметлер орайыныӊ жаӊа имараты секторларға бөлинген болып, жумсақ мебеллер менен тәмийинленген. Қолайлы күтиў заллары, китапхана, электрон нәўбет, жас балалы аналар ушын арналған балалар майданшасы, инвесторлар ханасы, инфокиоска ҳәм басқа да бир қатар қолайлықлар жаратылған. Сондай-ақ, бул жерде бир күнде 300-400 ден артық пуқараны қабыл етип, мәмлекетлик хызметлерди иркинишсиз көрсетиў имканияты жаратылады.
Соны да айтып өтиў орынлы пуқараларға қолайлықлар жаратыў, артықша әўерегершиликлердиӊ алдын алыў, олардыӊ ўақтын тежеў мақсетинде Халық қабыллаўханасы, Бас министрдиӊ исбилерменлер мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханасы, нотариус, Әдиллик бөлими ҳәм ПҲАЖ бөлимин орайдыӊ имаратына жайластырыў нәзерде тутылған. Бул өз гезегинде пуқаралар ушын бир жердиӊ өзинде бир неше жумысларыныӊ бир ўақытта питиўине себеп болады.
Ҳәр тәреплеме заманагөй қолайлықларға ийе болған Мәмлекетлик хызметлер орайы, соныӊ ишинде жоқарыда атап өтилген мәкемелер имаратыныӊ пайдаланыўға тапсырылыўы да халқымызға тез ҳәм сапалы хызмет көрсетиўге шараят жаратады.
Сондай-ақ, усы күни райондағы Халық бəнтлигине көмеклесиў орайы ҳәмде районлық финанс бөлиминиң жаӊа имаратлары да пайдаланыўға тапсырылды.