Депутаттыӊ жәрдеми менен көп қабатлы үйлердиң төбеси шиферланды
1403
Елимиз басшысы парламентке жоллаған мүрәжатнамасында ҳәр бир депутат Халық қабыллаўханалары менен турақлы ислесип, өз аймағында жасап атырған халықтың машқалаларын шешиўде белсене қатнасыўы, адамлардың дәрт-тәшўишлерин тыңлаўы керек. Сонда депутатлар өз сайлаўшыларына берген сөзлериниң үстинен шығады, халықтың исенимин ақлайды, меҳрине ериседи, деген еди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниӊ депутаты Зухра Реймова да өзи сайланған аймақ сайлаўшыларынан келип түскен мүрәжатлардың унамлы шешилиўинде белсендилик көрсетип келмекте.
Итибарлысы “Ҳаўа жолы” МПЖ аймағындағы еки көп қабатлы үйлерде жасаўшы пуқаралар тәрепинен жасап турған үйлериниң төбесиндеги шиферлар жарамсыз ҳалға келип қалғанлығы, жаўын-шашынлы күнлерде төбесинен суў өтип атырғанлығын айтып, усы мәселени шешип бериўде әмелий жәрдем сорап жоллаған мүрәжати депутат тәрепинен унамлы шешилди.
Депутат мүрәжат бойынша тийисли шөлкемлерге депутатлық сораўнама жиберди. Нәтийжеде Нөкис қаласындағы “Несийбели қурылыс Нукус” жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен “Ҳаўа жолы” МПЖ аймағындағы “Алтын Орда” көшесиндеги еки көп қабатлы үйдиң төбеси шиферланды.