Мойнаққа симменталь нәсилли маллары алып келинди
1258
Мойнақ районы "Ҳәким ата" аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы
"Мухитдин Тажетдинов" фермер хожалығына Германиядан симменталь нәсилли қара маллар алып келинди.
- Усы жылдың 2-октябрь сәнесинде Президентимиз Қарақалпақстанға хызмет сапары даўамында республикамыздың қала ҳәм районларының өсиў ноқатлары қатарында Мойнақ районының өсиў ноқаты етип балықшылық ҳәм шарўашылық тараўларын белгилеп берди. Бул тараўларға бурыннан қәнигелескен район халқы жаңалықты қуўаныш пенен күтип алды. Ҳәзирги ўақытта бул тараўларды жетилистириўде әмелий илажлар басланды - дейди, район ҳәкиминиң аўыл хожалығы ҳәм суў мәселелери бойынша орынбасары Р.Шербаев.
Өзиниң өнимдарлығы ҳәм ҳәр қыйлы климат шараятына көнлигиўши симменталь нәсилли маллары халқымызға арзан баҳадағы гөш ҳәм сүт өнимлерин жеткерип бериўге хызмет етеди. Алып келингенине бир айға шамалас болған нәсилли қарамаллардың саны көбеймекте.
Мойнақ районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети