Сенатор Қаратаў посёлкасындағы кəрханалардың жумыслары менен танысты
Өзбекстан Республикасы Олий Мажилис Сенат ағзасы Ф.Боқиев, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты, З.Керимзатов ҳəм райондағы бир қатар мəкеме басшылары “Қойбақ” АПЖ дағы “Қаратаў” посёлкасында болып, ири өндирис қəрханаларының жумыслары менен танысты.
Онда усы аймақтағы санаат ислеп шығарыў кəрханаларының басшылары менен ушырасып, оларды қыйнап жүрген машқалалары үйренилип, исбилерменлердиң мүрəжатларын тыңлады. Буннан соң район ҳəкимиятында мəжилис өткерилип, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 11-ноябрь күнги “2020-2023-жылларда Қарақалпақстан Республикасын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў ис-илажлары ҳаққында”ғы ПҚ-4889-санлы қарарында көрсетилген ўазыйпалар районлық кеңес депутатларына бекитилди.
Қараөзек районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети