Тараўдағы жумысларды муўапықластырыў мақсетинде Бас министрдиң орынбасарлары басшылығында Уйымлараралық комиссияның дүзилиўи белгиленди. Бул комиссия авиапәрўазларды шөлкемлестириў, оларға руқсат алыўды әпиўайыластырыў, қатнаўлар географиясын кеңейтиў ҳәм аэропорт хызметлерин жақсылаў бойынша системалы шуғылланады.
Аймақларда еле жетерлише үйренилмеген, туристлер тартылмаған зыярат орынларының көплиги атап өтилди. Мәденият министрлиги, Дин ислери бойынша комитетине 300 мәдений мийрас объектин ҳәм зыярат орнын реставрациялаў ўазыйпасы қойылды.
Уллы илимпаз Абу Мансур Мотуридий мақбарасы ҳәм оның жанына жерленген 8 уллы уламаның зыярат етиў орнын дүньяда 170 миллионнан аслам избасары болған мотуридия тәлийматының зыярат орайына айландырыў мүмкин екенлиги атап өтилди.
Мәжилисте Самарқанд ўәлаяты ҳәкимлигине бул бағдарда көрсетпелер берилди. Бухара ўәлаятында ислам дини ҳәм региондағы диний уламалардың тематикалық қыябаны жойбарын ислеп шығыў зәрүр екенлиги айтылды.
«Өзбекстан бойлап саяхат ет!» атлы ишки туризм бағдарламасы келеси жылы избе-из даўам еттириледи. Буның ушын Ораза ҳәм Қурбан ҳайытлары, Наўрыз, Ғәрезсизлик күни ҳәм Жаңа жыл байрамлары дәўиринде қосымша дем алыс күнлери белгиленбекте. Сондай-ақ, мәўсимлик емес туристлер ушын ишки туризм айлығы, ҳәптелиги ҳәм күнлери шөлкемлестириледи.
Президентимиз пандемия себепли туризм тараўы ушын 2020-жылдың ақырына шекем берилген жеңиллик ҳәм преференцияларды 2021-жылдың ақырына шекем создырыў, халық ушын транспорт ҳәм мийманхана хызметлери бойынша шегирмелер берип, ишки туризмди ғалаба шөлкемлестириў әҳмийетли екенлигин атап өтти.
Видеоселектор мәжилисинде туристлик орынлар ҳәм инфраструктуралық объектлерди көбейтиў мәселесине айрықша тоқтап өтилди.
Ташкент ўәлаятының Бостанлық районында бул бағдарда онлаған жойбарлар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, «Амирсай» курортының екинши басқышы, «Белдерсай-Чимён-Нанай» халықаралық курорты, «Хожакент» аспа жолы, 29 мийманхана ҳәм дем алыў орынлары қурылмақта.
Бул тәжирийбе тийкарында келеси жылы туристлик потенциалы жоқары болған 14 район, Ханабад ҳәм Ангрен қалаларында туризмди жедел раўажландырыў бағдарламасын әмелге асырыў илажлары белгиленди.
Мәжилисте халықты ғалабалық спортқа кеңнен тартыў мәселелери де додаланды.
Бүгинги күнде халқымыздың тек ғана 19 проценти денетәрбия ҳәм спорт пенен қамтып алынған. Керисинше, саламат емес турмыс тәризи, қурамында дуз, қант ҳәм май муғдары көп болған және қамырлы аўқат ҳәм нанды нормадан артық пайдаланыў жағдайлары көп ушырасады.
Коронавирус инфекциясы, бәринен бурын, жүрек-қан тамыр, дем алыў жоллары кеселлигине шалынған, артықша салмақлы пуқараларда аўыр өткени ҳәммеге белгили. Бул да саламат турмыс тәризи ҳәм спорттың әҳмийетин және бир мәрте анық көрсетти.
Мәмлекетимиз басшысының усы жыл 30-октябрьдеги пәрманында саламат турмыс тәризин кеңнен ен жайдырыў ҳәм ғалабалық спортты және де раўажландырыў бойынша жүдә әҳмийетли илажлар белгиленген еди. Соның ишинде, район орайлары ҳәм қалаларда 3-5 километрлик «Саламатлық жоллары»н қурыў ўазыйпасы қойылған.
Мәжилисте бул бағдардағы мәнзилли дизимди қәлиплестирип, қурылыс жумысларын баслаў, пиядалар ҳәм велосипедлер ушын барлық қолайлықларды жаратыў бойынша көрсетпелер берилди.
Президентимиз орынларда спорт инфраструктурасын раўажландырыў мәселесине айрықша итибар қаратты. Жеке меншик спорт имаратлары, воркаут, мини-футбол, бадминтон, стритпол майданлары ҳәм фитнес залларын қурыўға исбилерменлерди тартыў бойынша тапсырмалар берилди.
Елимизде халықаралық спорт жарысларын өткериў арқалы спорт туризмин раўажландырыў керек екенлиги атап өтилди. Атап айтқанда, халықаралық мототур ҳәм велотур жарыслары шөлкемлестириледи, буның ушын мәмлекет аймақларынан Бостанлық районына шекемги маршрут ислеп шығылады.
Халық арасында физикалық таярлық дәрежеси бойынша спорт сынақларын жолға қойып, оның жеңимпазларына жеңилликлер берилетуғыны белгиленди. Оны биринши гезекте мектеп оқыўшылары арасында, басқышпа-басқыш халық арасында шөлкемлестириў керек екенлиги атап өтилди.
Ҳәммемизге белгили, Өзбекстандағы ҳәр бир район ҳәм қала биреўден тийкарғы перспективалы және раўажланып атырған спорт түрлерине қәнигелестирилген. Усы системадан келип шығып, аймақта ири жарыслар өткерип турыў ҳәм потенциаллы спортшыларды тәрбиялаў әҳмийетли екени атап өтилди. Буның ушын Миллий олимпиада комитети барлық спорт федерацияларының жумысын район ҳәм қалаларға байланыстырған ҳалда шөлкемлестирип, орынларда Олимпиада ҳәрекетин раўажландырып барады.
Мәжилисте додаланған мәселелер бойынша жуўапкерлер мәлимлеме берди.
ӨзА