9-декабрь – Коррупцияға қарсы гүресиў халықаралық күни мүнәсибети менен Ден саўлықты сақлаў министрлигинде таңлаў өткерилди
2177
Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Нызамлылық, суд-ҳуқық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў комитети басламасы менен Ден саўлықты сақлаў министрлиги системасындағы емлеў-профилактика мәкемелери ҳәмде район ҳәм қалалар медицина бирлеспелери басшылары ортасында “Ден саўлықты сақлаў системасын коррупциясыз тараўға айландырамыз!” таңлаўы өткерилди.
Таңлаўға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңес комитет баслығы З.Реймова, Әдиллик министри С.Мамбеткадыров, Ден саўлықты сақлаў министри М.Қурбанов, Өзбекстан Ден саўлықты сақлаў хызметкерлери Кәсиплик аўқамы Республикалық кеңесиниң Қарақалпақстан Республикасы бойынша жуўаплы шөлкемлестириўшиси Л.Байбосыновалар қатнасып, мәмлекетимизде коррупцияға қарсы гүресиў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында атап өтти.
Коррупция дүнья жүзинде шешилиўи лазым болған еӊ актуаль мәселелерден бири. Усы жаман иллет ҳәр қандай мәмлекет ҳәм жәмийеттиӊ сиясий-экономикалық раўажланыўына өзиниӊ күшли кери тәсирин тийгизбей қоймайды.
Ҳүрметли Президентимиз 2020 жыл 24-январь күнги Парламентке жоллаған мурәжатнамасында: "Коррупцияға қарсы гүресиўде халықтың барлық қатламлары, маман қәнигелер менен қамтылмас екен, жәмийетимиздиң барлық ағзалары, атап өтиў орынлы болса, “ҳадаллық вакцинасы” менен емленбес екен, өз алдымызға қойған жоқары шыңына жете алмаймыз. Биз коррупцияның ақыбетлери менен гүресиўден көре оның ерте алдын алыўға өтиўимиз керек" деп атап өтти.
Кейинги жылларда мәмлекетимизде коррупцияға қарсы гүресиў тараўында әҳмийетли шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый реформалар әмелге асырылмақта. Халықтың ҳуқықый санасы ҳәм ҳуқықый мәдениятын асырыўға, жәмийетте коррупцияға теңсиз қатнасықты қәлиплестириўге бағдарланған системалы ис-илажлар көрилмекте.
Таңлаў 3 шәрт бойынша өткерилди.
1-шәртте қатнасыўшылар коррупцияға қарсы гүресиў бойынша қабыл етилген нызам ҳүжжетлери ҳәм тараў бойынша ден саўлықты сақлаў министриниң буйрықлары тийкарында дүзилди.
2-шәртте қатнасыўшылар өзи басқарып атырған медицина мәкемесинде 2021-жылда коррупцияга қарсы гүресиў бойынша әмелге асыратуғын тийкарғы илажларын ислеп шығып, төрешилер қурамы ағзаларына түсиндирип берди.
Бунда ҳәзирги ўақытта усы тараўда бар болған машқалалар, коррупцияға алып келиўши факторлар ҳәм оларды болдырмаў бойынша усыныслар ислеп шығылғанлығы баҳаланды.
3-шәрт “Машқалалы жағдайлардан нызамлы шығыў жоллары” деп аталып, бул шәртте қатнасыўшылар берилген мәселеге нызам ҳүжжетлери тийкарында жуўап бериўи лазым.
Таңлаў жуўмағына көре:
Республика қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайы Қарақалпақстан филиалы Бас шыпакери Х.Атаниязов 1-орын, Хожели район медицина бирлеспеси баслығы ўазыйпасын атқарыўшы Нурмухамед Сапаев 2-орын, 1-санлы Республика руўхый ҳәм неврологик кеселликлери диспансери бас шыпакери Зухра Палуанова 3-орынды ийеледи.
Сондай-ақ, таңлаўда белсене қатнасқан қатнасыўшыларға шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған саўғалар тапсырылды.
Таңлаў ушын тест сораўлары ҳәм казуслар Әдиллик министрлиги тәрепинен таярланды.

Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги мәлимлеме хызмети