Өзбекстанның сырт еллердеги елшилери Мойнаққа келди
1630
Өзбекстан Республикасының Япония, Германия ҳәм Қырғызстандағы елшилери ҳәм Өзбекстан Республикасы сыртқы ислер министриниң орынбасары Э.Хамраев хызмет сапары менен Мойнаққа келди. Дәслеп елшилер район ҳәкими Ерполат Еденбаевтың қабыллаўында болды. Атап өтилгениндей, хызмет сапардың тийкарғы мақсети Мойнақ районының инвестициялық, экспорт ҳәм туризм потенциялы менен жақыннан танысыў ҳәм сырт еллер менен бирге қоспа жойбарларды әмелге асырыў имканиятларын толық үйрениўден ибарат.
Өзбекстанның сырт еллердеги елшилери, район ҳәкимлиги ўәкиллери ҳәм кәрхана, мәкеме басшылары менен исбилерменлердиң қатнасында ҳәкимликтиң киши мәжилислер залында сəӯбетлесиў алып барыл2ды. Илаж даўамында райондағы кәрхана, мәкеме басшылары менен исбилерменлериниң аймақта инвестициялық, экспорт ҳәм туризм потенциялын раўажланжырыў бойынша пикир ҳәм усыныслары тыңланды.
Соннан соң елшилердиң хызмет сапары үш мыңнан зыят китап қорын ҳәм ең соңғы информациялық технологияларды өзинде жәмлеген "Future Muynak" соның менен бирге, инновациялық телемедицина орайларында даўам етти.
Кейинги мәнзил қурылыс жумыслары тамамланыў алдында турған инновациялық мектеп болып, жаңа оқыў орны информациялық технологиялар бойынша оқыўшыларға терең билим бериўге қәнигелескенлиги менен айырықша әҳмийетке ийе. Онда Қарақалпақстанның басқа қала ҳәм районлары, сондай-ақ район орайыннан алыс болған аўылларының балалары ушын жатақхана корпусы шөлкемлестирилген. Елшилер усы оқыў орнында болып, инновациялық мектеп имканиятларын еле де кеңейтиў бойынша усынысларын билдирди.
Соның менен бирге, "Арал теңизи тарийхы музейи"ниң экспонатлары менен танысып, "Ашық аспан астындағы кемелер музейи"нде де саяхат етти. Сырт еллердеги елшилер район аймағындағы аўыл хожалығы ҳәм санаат өнимлерин ислеп шығарыўшы кәрханалар турмысын да жақыннан үйренди. Оларға ҳәким Е.Еденбаев жетекшилик етти.

Мойнақ районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети