253 студенттиӊ бир жыллық шәртнама төлемлери төлеп берилмекте
4510
Ҳүрметли Президентимиз Шавкат Мирзиёев басшылығында пандемия дәўиринде елимизде социаллық жәрдемге мүтәж пуқараларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда кең көлемли ийгиликли ислер әмелге асырылмақта.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының 2020-жыл 14-декабрь күнги арнаўлы қарары тийкарында Қарақалпақстандағы 9 жоқары оқыў орнында шәртнама тийкарында билим алып атырған 253 студенттиң быйылғы оқыў жылы ушын зәрүр болған 1 миллиард 546 миллион сўмнан аслам шәртнама төлемлери жергиликли бюджет қаржылары есабынан төлеп берилиўи белгиленген еди. Бул студент жаслар тийкарынан бағыўшысын жоғалтқан, ата-анасынан айрылған, быйылғы пандемия шараятында социаллық жәрдемге мүтәж болған шаңарақлардың перзентлери саналады.
Усы мүнәсибет пенен бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде жоқары оқыў орынларында билим алып атырған 50 студент бир жыллық шәртнама төлемлерин төлеп берилиўин тастыйықлаўшы арнаўлы сертификатларды тапсырыў мәресими болып өтти.
Илажда Карақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов жыйналғанларды жақынласып киятырған Жаңа жыл байрамы менен қутлықлап, бүгингидей сынаўлы күнлерде елимизде Ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында кем тәмийинленген шаңарақларды, социаллық жәрдемге мүтәж пуқараларды қоллап-қуўатлаў бойынша ийгиликли жумыслар әмелге асырылып атырғанлығын айрықша атап өтти ҳәм студентлерге сертификатларды салтанатлы жағдайда тапсырды.
Илажда сөзге шыққан Қарақалпақстан медицина институты стоматалогия, медициналық профилактика ҳәм фармация факультети студенти, хорезмли Шохрух Ражапов, Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты түркий тиллер факультетиниӊ студенти Бахтыгүл Матчанова, институттың сүретлеў өнери ҳәм мийнет тәлими факультети студенти, бухаралы Наргиза Очилова жасларға қаратып атырған айрықша итибары ушын Президентимизге, ел басшыларына шексиз миннетдаршылығын билдирди ҳәм келешекте Ўатанымызға садық, халқымыздың исенимин ақлайтуғын перзент болып жетилисиўге ўәде берди.
– Мен 2018-жылы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтына төлем шәртнамасы тийкарында оқыўға кирдим. Сол ўақытта бир тәрептен мен де студентлер қатарынан орын алып, өмирдеги мақсетлеримнен бирине жеткениме қуўанған болсам, бир тәрептен шәртнама төлемин төлей алмай қалыўдан қорқтым. Себеби, ата-анамнан ерте айырылып, әжапамның қолында қалдым. Еки жыл даўамында шәртнама төлемин төлеўге қыйналдым. Мениң де бир жыллық оқыўымның шәртнама төлеми төлеп берилиўи ҳаққындағы хабарды еситкенимдеги қуўанышымды сөз бенен жеткерип бере алмайман. Усындай имканиятларды жаратып берген Президентимизден жүдә миннетдарман. – дейди Бахтыгүл Матчанова. – Бундай итибар ҳәм исенимди ақлап, мен де келешекте өз кәсибиниң жетик маманы болып, елимиздиң раўажланыўына өз үлесин қосыўға ўәде беремен.
Буннан тысқары, пайтахтымыздағы Жаслар орайында Қарақалпақ мәмлекетлик университети ҳәмде Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының 103 студенти, Ташкент мәлимлеме технологиялары уинверситети Нөкис филиалында өткерилген илажда филиал студентлери менен бирге, Наўайы мәмлекетлик кәншилик институтының Нөкис филиалы, Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институтының Нөкис филиалы, Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбия ҳәм спорт университети Нөкис филиалының 51 студенти, сондай-ақ, Ташкент мәмлекетлик аграр университетиниң Нөкис филиалында шөлкемлестирилген илажда усы филиал студентлери менен бирге, Қарақалпақстан медицина институты ҳәмде Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы институтының Нөкис филиалының 49 студентине сертификатлар тапсырылды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети
М.Ҳабибуллаев түсирген сүўретлер