Қарақалпақстан Республикасында ишимлик суўы ҳәм ақаба суў системасын жақсылаўға қаратылған қосымша илажлар ҳаққында
ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕСИНИҢ ОН ЕКИНШИ СЕССИЯСЫ
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Қ А Р А Р Ы
Қарақалпақстан Республикасында ишимлик суўы ҳәм ақаба суў системасын жақсылаўға қаратылған қосымша илажлар ҳаққында
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 25-сентябрьдеги «Ишимлик суўы тәмийнатын ҳәм ақаба суў системасын жәнеде жетилистириў ҳәмде тараўдағы инвестиция жойбарларының нәтийжелилигин арттырыў илажлары ҳаққында»ғы ПП-6074-санлы Пәрманы менен 2020-жыл 1-октябрьден баслап ишимлик суўы тәмийнаты ҳәм ақаба суў тараўында инвестиция жойбарларының усыныслары Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, Халық депутатлары ўәлаятлар ҳәмде Ташкент қаласы Кеңеслеринде додаланыўы ҳәм тек ғана олардың келисими менен әмелге асырылыўы шәрт деп көрсетилген. Сондай-ақ, инвестиция жойбарларының ҳәр бириниң орынланыўы жағдайы турақлы түрде тийисли жергиликли ҳәкимият ўәкилликли уйымлары, депутатлар тәрепинен орынларға шыққан ҳалда мониторинг өткерилиўи белгиленген. Буннан тысқары, усы Пәрман менен 2020-жыл 1-октябрден баслап аймақларда шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый формасына қарамастан, суў тәмийнаты ҳәм ақаба суў шөлкемлери тәрепинен көрсетилетуғын суў тәмийнаты ҳәм ақаба суў хызметлери ушын тәртипке салынатуғын баҳалар (тарифлер) бойынша дәслеп монополияға қарсы гүресиў ҳәм баҳаларды (тарифлерди) тәртипке салыў уйымларының жуўмақлары алынып, кейин-ала тийислилигинше Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, Халық депутатлары ўәлаятлар ҳәмде Ташкент қалалық Кеңеслери қарарлары менен мақулланғаннан соң тастыйықланыўы белгиленген. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 25-сентябрьдеги «Ишимлик суўы тәмийнатын ҳәм ақаба суў системасын жәнеде жетилистириў ҳәмде тараўдағы инвестиция жойбарларының нәтийжелилигин арттырыў илажлары ҳаққында»ғы ПП-6074-санлы Пәрманы талапларының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде, сондай-ақ, халыққа ишимлик суўды сапалы жеткерип бериўди жәнеде жақсылаў бойынша тийисли тараў басшыларының есабатлары ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң, Монополияға қарсы гүресиў комитетиниң, Финанс министрлигиниң жуўмақларынан келип шығып, билдирилген пикир-усынысларын инабатқа алған ҳалда ҳәмде «Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 7-статьясына муўапық Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы КеңесиҚ А Р А Р Е Т Е Д И:
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 25-сентябрьдеги «Ишимлик суўы тәмийнатын ҳәм ақаба суў системасын жәнеде жетилистириў ҳәмде тараўдағы инвестиция жойбарларының нәтийжелилигин арттырыў илажлары ҳаққында»ғы ПП-6074-санлы Пәрманында белгиленген талаплар орынлаў ушын басшылыққа алынсын.
- Төмендегилер:
- Төмендегилер:
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси (Қ.Сариев) «Қарақалпақ суў тәмийнаты» жуўапкершилиги шекленген жәмийети менен биргеликте:
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесине (Е.Аташев) Финанс министрлиги (М.Содиқов), Турақ жай – коммуналлық хызмет көрсетиў министрлиги (А.Досназаров), «Қарақалпақ суў тәмийнаты» жуўапкершилиги шекленген жәмийети менен биргеликте:
- Халық депутатлары қалалық ҳәм районлық Кеңеслерине ишимлик суўы ҳәм ақаба суў системасы бойынша әмелге асырылып атырған ҳәр бир жойбардың сапалы орынланыўын орынларға шыққан ҳалда үйренип барыў ҳәм турақлы түрде қадағалаўға алыў тапсырылсын.
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси (Н.Ерлепесов, Е.Аташев), Әдиллик министрлиги (С.Мамбеткадыров), Финанс министрлиги (М.Содиқов), Монополияға қарсы гүресиў комитети (З.Камалов), Турақ жай – коммуналлық хызмет көрсетиў министрлиги (А.Досназаров), «Қарақалпақ суў тәмийнаты» жуўапкершилиги шекленген жәмийети (А.Қудайназаров) Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар басқармасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы телерадиокомпаниясы менен биргеликте пуқараларға, исбилерменлик субъектлерине суў тәмийнаты ҳәм ақаба суў шөлкемлери тәрепинен көрсетилетуғын суў тәмийнаты ҳәм ақаба суў хызметлериниң баҳаларына (тарифлерине) өзгерислер киргизилгенлиги бойынша ғалаба хабар қуралларында жарытып барыў тапсырылсын.
- Бул қарар «Еркин Қарақалпақстан», «Вести Каракалпакстана» ҳәм «Qoraqalpog'iston tongi» газеталарында жәриялансын. Усы қарар рәсмий жәрияланған күннен күшке киргизилсин.
- Қарардың орынланыўын қадағалаў Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығы Қ.Сариевқа, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Давлетовқа жүкленсин.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң 2020-жыл 28-декабрьдеги 94/XII-санлы қарарына 3-қосымша
Қарақалпақстан Республикасы суў тәмийнаты ҳәм ақаба суў хызметлери ушын әмелдеги ҳәм енгизилип атырған баҳалар (тарифлер)
|
Көрсетилетуғын хызметлер |
Өлшем бирлиги | Әмелдеги баҳа (тариф) |
Енгизилип атырған баҳа (тариф) |
|
Ишимлик суўын жеткерип бериў баҳасы |
|||
|
Пуқаралар ушын |
1 м3/сўм | 1000 | 1850 |
|
Бюджет мәкемелери ҳәм юридикалық шөлкемлер (Қосылған қун салығысыз) |
1 м3/сўм |
3300 |
3695 |
|
Ақаба суў хызмети баҳасы |
|||
|
Пуқаралар ушын |
1 м3/сўм |
830 |
1100 |
|
Бюджет мәкемелери ҳәм юридикалық шөлкемлер (Қосылған қун салығысыз) |
1 м3/сўм |
2300 |
2350 |