Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиниң ХХ сессиясы
1980
Сессия күн тәртибинде Ѳзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 29-декабрь күни Олий Мәжлиске жоллаған Мүрәжатнамасының мазмун-мәнисин үгит-нәсиятлаў ҳәмде белгилеп берилген баслы ўазыйпалардан келип шығып районлық бағдарламаны таярлаў мәселеси көрилди. Бул мәселе бойынша Ѳзбекстан Республикасы Олий Мәжлис Сенаты ағзасы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты О.Атаниязова, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты Р.Маткурбанов ҳәм районлық кеңес депутатлары шығып сөйледи.
Сондай-ақ сессияда Ѳзбекстан Республикасы Олий Мәжлис Сенаты Кеңесиниң 2020-жыл 11-декабрдеги қабыл етилген қарарына муўапық Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси депутатлары арасынан районлық Кеңес секретариаты баслығы етип 7-санлы “Қостерек” сайлаў округинен депутат Р. Жумамуратов сайланды.
Шымбай районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети