ОЛИЙ МАЖЛИС СЕНАТЫ БАСЛЫҒЫ ҚАРАҚАЛПАҚСТАНҒА КЕЛДИ
2521
Усы жылдың 21 январь күни Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығы Т.Нарбаева хызмет сапары менен Қарақалпақстан Республикасына келди.
Олий Мажлис Сенаты Баслығы дәслеп Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде өткерилген мәжилисте қатнасты.
Мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ Баслығы М.Камалов кирис сөз бенен ашты ҳәм басқарып барды.
Атап өтилгениндей, Ҳүрметли Президентимиз басшылығында елимизди ҳәр тәреплеме раўажландырыў, халқымыздың бахытлы ҳәм абадан турмыс кешириўин тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылмақта. Қала ҳәм районларымызда үлкен қурылыс ҳәм дөретиўшилик жумыслар, халқымызды, әсиресе, жаслар ҳәм ҳаял-қызларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, исбилерменликти раўажландырыў бағдарында ийгиликли ислер әмелге асырылмақта.
Президентимиздиң 2020-жыл 11-ноябрьдеги «Қарақалпақстан Республикасын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарының қабыл етилип, бул бойынша 3 жылға гөзленген бағдарламаныӊ ислеп шығылыўы ҳәм әмелиятқа енгизилиўи де елимиз басшысыныӊ Қарақалпақстанға деген айрықша итибары ҳәм ғамхорлығыныӊ және бир әмелдеги көриниси болып есапланады.
Илажда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығы Т.Нарбаева Президентимиздиң бул арнаўлы қарары Қарақалпақстан Республикасын ҳәр тәреплеме раўажландырыў менен бирге халқымыздың турмыс дәрежесин және де жақсылаўда үлкен әхмийетке ийе екенлигин, қарар ҳәм бағдарламаның өз ўақтында ҳәм сапалы орынланыўын тәмийинлеўде парламенттиң, тийисли министрлик ҳәм шөлкемлердиң, коммерциялық банклердиң, жергиликли басқарыў ўйымларының жуўапкершилигин және де күшейтиў кереклигин атап өтти.
Қарарда белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊеси Баслығының биринши орынбасары Н.Ерлепесов шығып сөйледи.
Қарарға муўапық, 2020-2023 жылларда 2788 жойбар ҳәм объектлерде 21 триллион 209 миллиард сўмлық кең көлемли ислер әмелге асырылыўы режелестирилген болса, 2020-жыл жуўмағы бойынша 705 жойбар иске түсирилди. Буның нәтийжесинде 4 мыңнан артық жумыс орны жаратылды. 2021-жылдың I шерегинде және 99 жойбарды иске түсириў режелестирилмекте.
Мәжилисте қарар менен тастыйықланған бағдарламаның орынланыў жағдайы додаланып, бул бойынша Парламент қадағалаўын және де күшейтиў зәрүрлиги атап өтилип, республикаға бириктирилген Сенат ағзалары, тийисли министрлик ҳәм шөлкемлер, коммерциялық банклер тәрепинен алып барылып атырған жумыслар бойынша пикир ҳәм усыныслар билдирилди, жойбарларды өз ўақтында әмелге асырыў бойынша ўазыйпалар белгилеп берилди.
Усы күнниң өзинде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығы Т.Нарбаева Жоқарғы Кеңестиң киши мәжилислер залында Ҳаял-қызлар мәселелери бойынша жуўапкерлер менен ушырасып, «Ҳаяллар дәптери» ҳәм ҳаял-қызлар мәселесиндеги әхмийетли машқалалар, әмелге асырылыўы лазым болған илажларды додалады.
Ушырасыўда елимизде ҳаял-қызлардың жәмийетлик-сиясий ҳәм социаллық белсендилигин арттырыў, олардың түрли тармақларда және тараўларда өз қәбилетлери менен имканиятларын жүзеге шығарыўы ушын шараятлар жаратыў, ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў, аналықты ҳәм балалықты ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, сондай-ақ, шаңарақ институтын беккемлеў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылып атырғанлығы айрықша атап өтилди.
Илажда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатыныӊ Баслығы – Гендер теӊликти тәмийинлеў мәселелери бойынша комиссиясыныӊ баслығы Т.Нарбаева елимизде бул бағдарда алып барылып атырған жумыслар ҳаққында айтып өтти.
Ушырасыўда ҳаял-қызлар ҳәм ерлер ушын теӊ ҳуқықларды, имканиятларды тәмийинлеў, әсиресе, ҳаяллар арасында жынаятшылықты кемейтиў, олардыӊ бәнтлигин тәмийинлеў, ҳуқықый саўатын арттырыў мәселелери додаланды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети
М.Ҳабибуллаев түсирген сүўретлер