Қарақалпақстан Республикасының 2021-жылғы бюджети параметрлери ҳаққында
1687
ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕСИНИҢ ОН ЕКИНШИ СЕССИЯСЫ
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң
Қ А Р А Р Ы
Қарақалпақстан Республикасының 2021-жылғы бюджети параметрлери ҳаққында
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси тәрепинен усынылған Қарақалпақстан Республикасының 2021-жылғы Бюджети параметрлерин көрип шығып, «Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң регламенти ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 32-статьясына ҳәм «Парламентлик қадағалаў ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 6-статьясына муўапық Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы КеңесиҚ А Р А Р Е Т Е Д И:
- Қарақалпақстан Республикасының 2021-жылғы Бюджети параметрлери 1- ҳәм 2-қосымшаларға муўапық тастыйықлансын.
- Қарақалпақстан Республикасы республика бюджетиниң дәраматлары ҳәм қәрежетлери 3-қосымшаға муўапық мақуллансын.
- Қала ҳәм районлардың жергиликли бюджетлериниң дәраматлары ҳәм қәрежетлери 4-қосымшаға муўапық мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- Қарақалпақстан Республикасы бюджетинен республика бюджетине, қала ҳәм районлардың жергиликли бюджетлерине ажыратылатуғын тәртипке салыўшы бюджетлераралық трансфертлердиң муғдарлары 5-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Социаллық тараўларға ажыратылатуғын айырым қәрежет түрлери 6-қосымшаға муўапық республика бюджетине орайластырылсын.
- Қарақалпақстан Республикасы республика бюджети, қала ҳәм районлардың жергиликли бюджетлериниң ҳәр айлық сақланыўы тийис болған айланба касса қәрежетлери муғдарлары 7-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Улыўма мәмлекетлик салықлардан республиканың қала ҳәм районлар жергиликли бюджетлерине ажыратпалар нормативлери 8-қосымшаға муўапық бөлистирилиўи белгиленсин.
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң, қала ҳәм район ҳәкимиятларының сақлаўлы қорлары муғдарлары 9-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесине:
- Қарақалпақстан Республикасы Финанс министрлиги (М.Содиқов) қала ҳәм район ҳәкимликлери менен биргеликте:
- Халық депутатлары қалалық ҳәм районлық Кеңеслери жергиликли бюджет қаржыларынан мақсетли ҳәм нәтийжели пайдаланыў бойынша турақлы қадағалаў орнатып, жергиликли бюджет дәраматлары прогноз көрсеткишлерин орынланыў барысын ҳәр шеректе терең таллап қарап шықсын.
- Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Бюджет, экономикалық реформалар ҳәм инвестициялар мәселелери комитети усы қарардың орынланыўын турақлы түрде қадағалаўға алсын ҳәм орынланыўын ҳәр шеректе депутатлар қатнасыўында терең ҳәм пухта үйренип, Жоқарғы Кеңестиң сессияларына усынып барсын.