Депутаттың көмеги менен «Айдынжол» мәкан пуқаралар жыйынының мәселеси унамлы шешилди
1495
Президентимиз 2020-жылдың 29-декабрь күни Олий Мажлиске жоллаған Мүрәжатында депутат ҳәм сенаторларды өзлери сайланған аймақтағы машқалалар, тийисли министрликлер ҳәм ҳәкимликлер тәрепинен қандай дәрежеде шешилип атырғанлығын бәрқулла үйренип, қадағалап барыўға шақырған еди.
Бүгинги күнде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутатлары өзлери сайланған аймақта пуқаралар менен ушырасып, олардың машқалаларын унамлы шешиў бойынша бир қатар жумысларды әмелге асырмақта.
Жоқарғы Кеңес комитет баслығы, депутат З.Реймова тәрепинен өзи сайланған аймақта үйрениў жумысларын алып барыў даўамында Нөкис қаласы «Айдынжол» мәкан пуқаралар жыйыны хызметкерлери ҳәм профилактика инспекторы усы ўақытқа дейин 5-санлы улыўма билим бериў мектеби имаратының бир ханасында жумыс алып барып атырғанлығы анықланды. Бул олардың өз ўазыйпасын толық атқарыўына кесент етип, пуқараларды қабыл етиўи, мәкан пуқаралар жыйыны турғынларының машқалаларын шешиўи ушын имканиятларды шеклейтуғын еди.
Депутат бул мәселе бойынша Нөкис қаласы ҳәкимине «Айдынжол» мәкан пуқаралар жыйыныны хызметкерлериниң өз жумысын толық алып барыўы ушын қолайлықлар жаратыўда әмелий жәрдем сорап депутатлық сораўын жиберди.
Нөкис қаласы ҳәкимлиги тәрепинен депутатлық сораўға унамлы шешип, мәкан пуқаралар жыйынына Олимпия ҳәм миллий спорт түрлери бойынша Нөкис жоқары спорт шеберлиги мектеби имаратынан барлық қолайлықларға ийе 2 хана ажыратылды.
Келешекте усы мәкан пуқаралар жыйынына жаңа имарат қурып бериў режелестирилген.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети