Қарақалпақстан Республикасында суицид ҳәм өз жанына қастыянлық етиўдиң алдын алыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар үйренилмекте
1972
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Илим-пән, билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў мәселелери комитетиниң 2021-жыл биринши ярым жыллық ис режесине муўапық Сенаттың Ҳаял-қызлар ҳәм гендерлик теңлик мәселелери комитети менен биргеликте өз жанына қастыянлық етиў жағдайларының алдын алыў ҳәмде суицидке мейили бар болған шахслар менен комплексли ислеў бойынша қабыл етилген нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерде белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын Денсаўлықты сақлаў министрлиги системасында Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Бухара ўәлаятында үйрениў жумысларын өткериў белгиленген.
Соның ишинде, Сенаттың Илим-пән, билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў мәселелери комитети баслығы О.Иминов басшылығындағы Исши топар тәрепинен Қарақалпақстан Республикасының Хожели, Тақыятас, Беруний, Қоңырат районлары ҳәмде Нөкис қаласында суицид ҳәм өз жанына қастыянлық етиўдиң алдын алыў, оған мейили бар болған шахслар менен Денсаўлықты сақлаў, Ишки ислер, Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрликлериниң аймақлық бөлимлери менен биргеликте әмелге асырылып атырған жумыслар үйренилмекте.
Үйрениў даўамында зорлық ислетиўден жәбир көрген шахсларды реабилитация етиў ҳәмде өз жанына қастыянлық етиўдиң алдын алыў орайларының жумысы менен танысылды. Сондай-ақ, машқалалар додаланып, тийисли тараў ўәкиллерине көрсетпелер берилди.
Үйрениў нәтийжелери бойынша толық мағлыўмат бериледи.

Дерек: https://senat.uz/