Тақыятас районында алып барылып атырған руӯхый-ағартыӯшылық жумыслардың жағдайы үйренилди
1214
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 19-январь күни руўхый-ағартыўшылық жумыслар системасын түп-тийкарынан жетилистириў, бул бағдарда мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң бирге ислесиўин күшейтиў мәселелери бойынша өткерилген видеоселектор мәжилисинде руўхый-ағартыўшылық жумысларды сапа ҳәм мазмун жағынан жаңа басқышқа көтериў илажлары белгилеп берилген еди.
Усы ӯазыйпаларды орынлаӯ мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты, руӯхыйлық ҳәм ағартыӯшылық ислери бойыша жуӯапкер Б.Қаипбергенов Тақыятас районында болып, дәслеп районда руўхый-ағартыўшылық жумыслардың жағдайы менен жақыннан танысты.
Сондай-ақ, Тақыятас районындағы руӯхыйлық ҳәм ағартыӯшылық кеңеси ағзалары менен мәжилис өткерилди. Мәжилисте мәкемелер ҳәм шөлкемлер арасында руӯхыйлық ҳәм ағартыӯшылық, тәрбиялық жумысларды үлгили жолға қойыӯ, "Ең үлгили мәҳәлле", "Ең үлгили кеңес", " Ең үлгили мәкеме" таңлаӯларын өткериӯ, реже-график тийкарында "Руӯхыйлық сааты"н өтиӯди жолға қойыӯ, «Бир зыялы – бир мәҳәллеге мәнаўий қәўендер» принципи тийкарында ҳәр бир мәҳәллеге профессор-оқытыўшы ҳәм белгили зыялыларды, көркем-өнер ғайраткерлерин бириктириӯ арқалы үгит-нәсият жумысларын алып барыў бойынша пикирлер алмасылды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети