«Парламент ойынлары» спорт жарысларының жеңимпазлары анықланды
2922
Нөкисте «Парламент ойынлары» спорт жарысларының Қарақалпақстан Республикасы басқышы болып өтти.
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Кеңесиниң 2020-жыл 30-декабрьдеги қарарына муўапық, сенаторлар ҳәм халық депутатлары жергиликли Кеңеслери депутатлары, Сенат жанындағы Жаслар парламенти ағзаларының денетәрбия ҳәм спорт пенен турақлы түрде шуғылланыўын тәмийинлеў, халық арасында саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў мақсетинде өткерилип атырған «Парламент ойынлары» спорт жарысларында қатнасыўшылар спорттың мини-футбол, волейбол, стол тенниси ҳәмде бадминтон сыяқлы түрлери бойынша беллести.
Жарыстың Қарақалпақстан Республикасы басқышы жуўмақланып, оның жеңимпазлары менен сыйлы орын ийелеген қатнасыўшыларын сыйлықлаў мәресими болып өтти.
Сыйлықлаў мәресиминде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Давлетов «Парламент ойынлары» спорт жарысларының Қарақалпақстан Республикасы басқышы жеңимпазларын қутлықлады ҳәмде Хорезм ўәлаятында болып өтетуғын аймақлық басқышта жеңиске ерисип, республика басқышында да жоқары орынларды ийелеўине исеним билдирди.
«Парламент ойынлары» спорт жарысларының Қарақалпақстан Республикасы басқышында мини-футбол бойынша өткерилген беллесиўлерде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, волейбол бойынша өткерилген жарысларда Нөкис районы командасы, стол тенниси бойынша ерлер арасында Жоқарғы Кеңес депутаты М.Гаипов, ҳаял-қызлар арасында халық депутатлары Қараөзек районлық Кеңеси депутаты Г.Сидикова, бадминтон бойынша ҳаял-қызлар арасында Жоқарғы Кеңес комитет баслығы, депутат З.Реймова биринши орынды ийелеп, Хорезм ўәлаятында болып өтетуғын аймақлық басқышына жоллама алды.
«Парламент ойынлары» спорт жарысларының Қарақалпақстан Республикасы басқышы жеңимпазлары менен сыйлы орын ийелеген қатнасыўшылары шөлкемлестириўшилер тәрепинен қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети