Өткен дәўир ишинде экономикамыздың жедел пәтлер менен раўажланып баратырғаны, халықтың жасаў шараятының жылдан-жылға жақсыланып атырғаны Конституциямызға тийкар етип алынған ийгиликли мақсетлердиң нәтийжеси болып саналады. Әлбетте, жәмийетлик-сиясий турмысымызда жүз берип атырған өзгерислер менен жаңаланыўлар, социаллық-экономикалық тараўларда ерисилип атырған жоқары нәтийжелер, халқымыздың бахытлы ҳәм абадан турмысын тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылып атырған дөретиўшилик жумыслар – булардың барлығы Тийкарғы Нызамымыз жаратып берген имканиятлардан екени сѳзсиз.
Ушырасыўда өткен қысқа дәўир ишинде ерисилген нәтийжелер, жәмийетлик-сиясий, социаллық-экономикалық, руўхый ҳәм мәдений турмысымызда, соның ишинде, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети турмысында жүз берген өзгерислер менен жаңаланыўлар ҳаққында мағлыўмат берилди.
Жасларымыз қәлбинде нызамға ҳүрмет, Ўатанға меҳир ҳәм садықлық сезимин күшейтетуғын бундай ушырасыўлар республикамыз бойлап даўам етпекте.
ҚМУ Баспасѳз хызмети