Жеңимпазларға сертификатлар тапсырылды
4239
6-ноябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде Жоқарғы Кеңес жанындағы мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын қоллап-қуўатлаў Жәмийетлик фонды тәрепинен мәмлекетлик грантлар бойынша жәрияланған алтыншы ҳәм жетинши таңлаўларының жеңимпазларына сертификатлар тапсырыў илажы өткерилди.
Илажды Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Социаллық-мәдений раўажланыў ҳәм жәмийетлик бирлеспелер мәселелери комитети баслығы, Социаллық шериклик бойынша жәмийетлик комиссиясының баслығы Д.Қурбаниязов ашты ҳәм алып барды.
Алдын хабар бергенимиздей, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси жанындағы Жәмийетлик фонд тәрепинен усы жылдың 21-сентябрьден 21-октябрьге шекемги мүддет аралығында мәмлекетлик грант бойынша жәрияланған алтыншы ҳәм жетинши таңлаўларға жәми 15 жойбар келип түсти ҳәм жойбар арзаларының дизими ҳәм электрон базасы қәлиплестирилди. Жойбарлар Социаллық шериклик бойынша жәмийетлик комиссияның ағзалары тәрепинен қаралып, олардыӊ мазмуны, тийкарғы мақсетлери, әмелге асырыў механизмлери ҳәм күтилип атырған нәтийжелери додаланған еди.
“Арал балықшысы” газетасы редакциясының “Сап денеде-сап ақыл!” атамасындағы жойбары, Өзбекстан “VETERAN” жаўынгер-ветеранлар ҳәм майыплары бирлеспеси Қарақалпақстан бөлиминиң “Ғамқорлық” атамасындағы жойбары, Қарақалпақстан Республикасы “Кеўил нуры” ҳаял-қызлар ҳәм олардыӊ шаӊаракларын социаллық-ҳуқықый жақтан қоллап-қуўатлаў орайының “Шаӊарақ бюджетин қәлиплестириўде ҳаял-қызлардыӊ роли” атамасындағы жойбары, Өзбекстан Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң “Бизиң имканиятымыз шексиз!” атамасындағы жойбары жеңимпаз, деп табылды.
Илажда таңлаўларының жеңимпазларына сертификатлар тапсырылды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети