Бюджет жойбары додаланды
2396
8-ноябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде 2022-жыл ушын бюджет жойбарын додалаўға бағышланған мәжилис өткерилди.
Мәжилисте Өзбекстан Республикасы Финанс министрлиги ўәкиллери, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси депутатлары, тийисли министрлик ҳәм шөлкемлердиӊ басшылары, сондай-ақ, халық депутатлары қалалық, районлық Кеӊеслериниӊ депутатлары, секретариат ҳәмде тийисли турақлы комиссиялары басшылары қатнасты.
Мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Социаллық-мәдений раўажланыў ҳәм жәмийетлик бирлеспелер мәселелери комитети баслығы Д.Қурбаниязов ашты ҳәм алып барды.
Атап өтилгениндей, соӊғы жыллары елимизде Ҳүрметли Президентимиздиӊ басшылығында бюджет мағлыўматларының ашық-айдынлығын және-де арттырыў, жергиликли бюджетлердиӊ еркинлигин тәмийинлеў, бюджет қаржыларының қәлиплесиўи, олардыӊ сарыпланыўы үстинен парламентлик ҳәм жәмийетлик қадағалаўды күшейтиў бағдарында кеӊ көлемли реформалар әмелге асырылмақта.
Бул бойынша қабыл етилген Нызам ҳәмде Қарарлар бюджетти қәлиплестириўде жергиликли Кеӊеслердиӊ ўәкилликлерин және де кеӊейтпекте ҳәмде аймақлардыӊ өзлери ушын қосымша резервлерин анықлаўға беккем тийкар болмақта.
Соңғы жыллары жергиликли бюджет қаржылары есабынан барлық қала ҳәм районларымызда кеӊ көлемли қурылыс-оӊлаў жумыслары әмелге асырылмақта, көплеген социаллық тараў объектлери пайдаланыўға тапсырылмақта.
Өткен бес жыл даўамында жергиликли бюджет прогнозыныӊ артықша орынланған бөлеги есабынан ишимлик ҳәм ақаба суў тәмийнатын жақсылаў, усы объектлерде қурылыс-оӊлаў жумысларын әмелге асырыў ушын 2018-2020-жылларда 8,5 млрд. сўмлық, ишки жоллар ҳәм автомобиль жолларында қурылыс-оӊлаў жумысларын алып барыў ушын 22,5 млрд. сўмлық қаржылар ажыратылды.
Сондай-ақ, социаллық тараў объектлеринде қурылыс, реконструкция ҳәм капитал ремонт жумысларын алып барыў ушын 2017-2021-жылларда мектепке шекемги билимлендириў тараўына 64,3 млрд. сўм, халық билимлендириў тараўына 71,8 млрд. сўм, денсаўлықты сақлаў тараўына 50,1 млрд. сўм, мәденият тараўына 20,5 млрд. сўм ажыратылды.
Буннан тысқары, орынларда “Абат аўыл” ҳәм “Абат мәҳәлле” бағдарламаларында белгиленген илажларды әмелге асырыў ушын 194,7 млрд. сўмлық қаржылар ажыратылды. Соныӊ менен бирге, “Темир дәптер”, “Ҳаяллар дәптери” ҳәмде “Жаслар дәптери”не кирген пуқараларға ҳәр тәреплеме әмелий жәрдемлер көрсетиў мақсетинде 37,7 млрд. сўмлық қаржылар тийисли фондларға өткерип берилди.
Күн тәртибиндеги мәселе – Қарақалпақстан Республикасы бойынша 2022-жылғы жергиликли бюджет параметрлери бойынша Өзбекстан Республикасы Финанс министриниӊ орынбасары Д.Султанов кеӊ түрде түсиник берди.
Депутатлар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўаплар алды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети