Коррупцияға қарсы гүресиў Миллий Кеңесиниң гезектеги мәжилисинде әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп алынды
1303
9-ноябрь күни Коррупцияға қарсы гүресиў Миллий Кеңесиниң гезектеги мәжилиси өткерилди.
Видеоконференц байланыс тәризинде болып өткен мәжилисте Қарақалпақстан Республикасы коррупцияға қарсы гүресиў бойынша аймақлық Кеңеси ағзалары да қатнасты.
Мәжилисти Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты баслығы, Коррупцияға қарсы гүресиў Миллий Кеңесиниң баслығы Т.Нарбаева кирис сөз бенен ашты ҳәм басқарып барды.
Соңғы жылларда мәмлекетимизде коррупцияның алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиў, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик қурылыстың барлық тараўларында коррупциогенлик факторларға шек қойыўға қаратылған кең көлемли реформалар алып барылмақта, мәмлекетте бюрократиялық тосқынлықларды сапластырыў ҳәм «жасырын экономика»ны қысқартыў илажлары көрилмекте ҳәм «Коррупциясыз тараў» жойбарлары әмелге асырылмақта.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 29-июнь күнги “Өзбекстан Республикасында коррупцияға қарсы гүресиў системасын жетилистириў бойынша қосымша илажлар ҳаққында”ғы Пәрманында Өзбекстан Республикасы коррупцияға қарсы гүресиў миллий кеңеси ҳәм оның аймақлық кеңеслерин шөлкемлестириўге байланыслы бир қатар ўазыйпалар белгиленген.
Бул бойынша Коррупцияға қарсы гүресиў миллий кеңесиниң 2021-жылдың 19-августтағы мәжилиси қарарына муўапық, Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы коррупцияға қарсы гүресиў бойынша аймақлық кеңеслери ҳаққындағы реже ҳәм аймақлық кеңеслер ағзаларының үлгили дизими тастыйықланды.
Мәжилис күн тәртибинде жоқары билимлендириў ҳәм қурылыс тараўларында «коррупциясыз тараў» жойбарын әмелге асырыўдың жағдайы, коррупцияға қарсы гүресиў бойынша 2021-2022-жылларға мөлшерленген Мәмлекетлик бағдарламаның орынланыўы ҳаққындағы ҳәм басқа тийисли мәселер додаланды ҳәм күн тәртибиндеги мәселелер бойынша зәрүр ўазыйпалар белгилеп алынды.