Депутат өз сайлаўшылары менен
1497
Депутат бул халық ўәкили болып, адамлар дәртин тыңлап, олардың исенимин ақлаў ушын сайланған. Халық ўәкиллери өз сайлаўшылары менен тез-тез ушырасып, жүзбе-жүз сәўбетлесиўи, пуқаралардың мүрәжаатлары ҳәм усынысларын үйрениў орынларда шешимин күтип турған мәселелерди анықлаў ҳәм өз ўақтында унамлы шешиў тийкарғы ўазыйпасынан бири. Бул бағдарда O’zLiDeP партиясынан сайланған халық ўәкиллери сайлаўшылар исенимин ақлаў мақсетинде орынларда өз сайлаўшылары менен ушыраспақта.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиндеги O’zLiDeP фракциясы ағзасы Ахмед Реймов өзи сайланған аймақ “Қум аўыл” мәҳәлле пуқаралар жыйынында өз сайлаўшылары менен ушырасты.
Халық ўәкили сайлаўшыларға мәмлекетимиз басшысы тәрепинен елимизде әмелге асырылып атырған реформалар, әсиресе кеийинги бес жыл даўамында Ҳәрекетлер стртатегиясы шеңберинде белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў бағдарында алып барылып атырған жумысларды турмыслық мысаллар менен атап өтер екен, оның даўамы сыпатында "Ҳәрекетлер стратегиясынан - Раўажланыў стратегиясына қарай" деген принцип тийкарғы идея ҳәм баслы өлшем сыпатында итибар қаратыў кереклиги атап өтилди.
Жаңа Өзбекстан раўажланыў стратегиясы миллий раўажланыўымыздың жаңа басқышын баслап береди. Биз буннан былай жумысларымызды «инсан – жәмийет - мәмлекет» деген жаңа принцип тийкарында жумыс алып барыў кереклигин атап өтти. Ушырасыўда сайлаўшылардың машқала ҳәм усыныслары да тыңланды. Ушырасыў даўамында аймақтағы Шамурат лаққы ҳәм К.Мамбетов көшелерине асфальт төсеп бериў, көшени жақтыландырыўшы фонарлар орнатып бериўбойынша аймақта жасаўшы пуқаралар тәрепинен мүрәжатлар тыңланды.
Бул бойынша Нөкис қаласы ҳәкимияты, қалалық Абаданластырыў басқармасы қәнигелеришығып сөйлеп аймақтағы Шамурат лаққы ҳәм К.Мамбетов көшелерине асфальт төсеп бериў мәселесин 2022-жылғы мәмлекетлик бағдарламаның I шерегине киргизилетуғынын, ал көшелердеги жақтыландырыў фонарларының тозыўы жеткен лампалар орнына жаңадан лампалар менен алмастырып беретуғынын мәлим етти. Сондай-ақ ушырасыўда аймақта транспортлардың көбейиўи ақыбетинде кеўилсиз жағдайлардың тез-тезден жүз берип атырғанлығы ушын «Аша» бәндиргисине светофор орнатылыў бойынша аймақ турғынларынан пикир-усныслар болды. Бул мәселени Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасы қәнигелери тәрепинен үйренлипип шығып, қалалық ҳәкимиятқа усыныс киритетуғынлығын мәлим етти. Көтерилген машқалалардың айрымлары орынларда сапластырылған болса, айрымлары тийисли шөлкемлер менен биргеликте үйренип шығыўға ҳәм қадағалаўға алынды.

O’zLiDeP Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси баспасөз хызмети