Ғәрезсизлигимиздиң 31 жыллығына бағышланған "Жаңа Өзбекстанда ел әзиз, инсан әзиз" атамасындағы байрам салтанаты болып өтти
2896
Нөкис қаласы орайындағы зәўлим Амфитеатрда Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 31 жыллығына бағышланып өткерилип атырған "Жаңа Өзбекстанда ел әзиз, инсан әзиз" атамасындағы байрам салтанаты болып өтти.

Байрам салтанатын Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев кирис сөз бенен ашып берип, Қарақалпақстан Республикасы халқын Ғәрезсизлик байрамы менен қызғын қутлықлады.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев халықты социаллық жақтан қорғаў системасын раўажландырыў бағдарында Президентимиз тәрепинен белгилеп берилген ўазыйпаларды атап өтти.
Буннан соң Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 31 жыллығына бағышланып өткерилип атырған "Жаңа Өзбекстанда ел әзиз, инсан әзиз" атамасындағы байрам салтанаты басланды.
Көркем өнер ғайраткерлери тәрепинен таярланған тынышлықты, дослықты, миллетлер аралық татыўлықты сүўретлеўши қосықлар жыйналғанлар кеўлине көтериңкилик бағышлады.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети