«Парламент ойынлары» республика басқышында кимлер жеңимпаз болды?
1023
Усы жылдың 27-август күни Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты басламасы менен халық депутатлары жергиликли Кеңеслердиң депутатлары, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты жанындағы Жаслар парламенти ҳәм Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ағзалары ҳәм аппараты хызметкерлери арасында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығының кубоги ушын «Парламент ойынлары» спорт жарысы өткерилди.
Онда спорттың мини-футбол, волейбол, стол тенниси ҳәм бадминтон түрлери бойынша беллесиўлер болып өтти.
Спорт жарысына Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, халық депутатлары районлық (қалалық) кеңеслеринен де ўәкиллеримиз белсене қатнасып, жоқары нәтийжелерге еристи.
Атап айтқанда, спорттыӊ мини-футбол түри бойынша қатнасқан Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси командасы үшинши, спорттың бадминтон түри бойынша ҳаял-қызлар арасында Жоқарғы Кеӊес депутаты Зухра Реймова екинши, стол тенниси бойынша ерлер арасында халық депутатлары Тақыятас районлық Кеңеси депутаты Иномжон Балтабаев, стол теннисибойынша ҳаял-қызлар арасында халық депутатлары Қараөзек районлық Кеӊеси депутаты Гүлзира Сидиқова екинши,, волейбол бойынша халық депутатлары Нөкис районлық Кеӊесиниң «Ақмаңғыт» командасы сыйлы биринши орынды ийелеп жарыс жеңимпазы болды.
Жарыс жеңимпазлары шөлкемлестириўшилер тәрепинен медаль, диплом ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети