Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Нөкис қаласындағы Президент мектеби оқыўшыларын жаңа оқыў жылы менен қутлықлады
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Нөкис қаласындағы Президент мектеби оқыўшыларын жаңа оқыў жылы менен қутлықлады
1525
Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев оқыўшылар менен ушырасып, оларға жаңа оқыў жылында тасқын табыслар тиледи.
Соның менен бирге елимизде билимлендириў таараўында алып барылып атырған реформалар, жаслардың терең билим алыўы ушын жаратылып атырған имканиятлар ҳаққында атап өтти.
Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев Президент мектебинде билим берип атырған оқытыўшылар менен ушырасып, сәўбетлести. Оларға өзиниң миннетдаршылығын билдирди.
Президент мектебинде жасларға жоқары дәрежеде билим берип атырған бир топар оқытыўшылар Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы тәрепинен сыйлықланды.