Жоқарғы Кеңес депутаты Зухра Реймова жаңа оқыў жылы менен қутлықлады
Жоқарғы Кеңес депутаты Зухра Реймова жаңа оқыў жылы менен қутлықлады
1986
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Нызамлылық, суд-ҳуқық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери бойынша комитет баслығы, депутат Зухра Реймова бүгин Нөкис қаласындағы 6-санлы мектепке барып, жаңа оқыў жылын баслап атырған оқыўшылар менен ушырасты ҳәм ғәрезсизлик сабағын өтти.
Жас әўладты илимли, билимли кәмил инсанлар етип тәрбиялаўда Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен жасларға жаратылып атырған имканиятлар ҳаққында атап өтти ҳәм биринши класқа қабылланып атырған кишкенелеримизге, Президент саўғалары салтанатлы түрде тапсырылды.