Депутат өзи билим алған мектепте ғәрезсизлик сабағын өтти
1265
Бүгин мәмлекетимиздеги барлық билимлендириў орынларында «Жаӊа Өзбекстанда ел әзиз, инсан әзиз» сүрени менен Ғәрезсизлик сабақлары өткерилмекте.
Қанлыкөл районындағы халық билимлендириў бѳлимине қараслы 2-санлы мектепте жаӊа оқыў жылыныӊ дәслепки күни «Билимлер күни» байрамы болып ѳтти. Бул илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиндеги O’zLiDeP фракцияси баслығы Ш.Отемисов қатнасып, билим берген устазларына миннетдаршылық билдирди ҳәмде мәмлекетимизде билимлендириў тараўында алып барылып атырған түпкиликли реформалар, әсиресе келешегимиз болған жасларға қаратылып атырған итибар, олардыӊ билим алыўы, кәсип-ѳнер ийелеўи ушын жаратылып атырған имканиятлар ҳаққында айтып ѳтип, мектеп босағасына қәдем қойып атырған оқыўшылар ҳәм олардыӊ ата-аналарын жаӊа оқыў жылыныӊ басланғаны менен қутлықлады.
Сондай-ақ, ѳткерилген илажда Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 31-август күнги «Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлик, инновациялық технологиялар ҳәм инфраструктураны жедел пәтлерде раўажландырыў арқалы халықтың абаданлығын арттырыўдың қосымша илажлары ҳаққында»ғы Пәрманыныӊ мазмуны, әҳмийети ҳаққында оқыўшылар ҳәм олардыӊ устазлары, ата аналары арасында кеӊнен түсиник берилди. Әсиресе, Қарақалпақстан Республикасында улыўма орта, орта-арнаўлы ҳәм профессионал билимлендириў мәкемелерин тамамлаған 500, кейинги жыллары ушын болса ҳәр жылы 1-сентябрге шекем 6 500 жаслардың ўәлаятлардағы мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелерине қосымша қабыллаў параметрлери тийкарында оқыўға қабыл етилиўи белгиленгенлигин айрықша атап ѳтти.
Мектеп босағасына қәдем қойған оқыўшыларға Президент саўғасы тапсырылып, жаӊа оқыў жылыныӊ биринши қоӊыраўы шалынды.

Мектеп босағасына қәдем қойған оқыўшыларға Президент саўғасы тапсырылып, жаӊа оқыў жылыныӊ биринши қоӊыраўы шалынды.

