Жоқарғы Кеңес депутаты У.Жалменов мектеп оқыўшылары менен ушырасты
Жоқарғы Кеңес депутаты У.Жалменов мектеп оқыўшылары менен ушырасты
1256
Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясыныӊ Қарақалпақстан Кеӊеси баслығы, Сенатор У.Жалменов Нөкис қаласындағы 42-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде болып, жаңа оқыў жылының "Билимлер куни" кешесине қатнасты ҳәм Ғәрезсизлик сабағын өтти.
Ғәрезсизлик сабағында "Жана Өзбекстанда ел әзиз, инсан әзиз" сүрени астында мәмлекетимизде билимлендириў тараўында әмелге асырылып атырған реформалар, әсиресе, жас әўладқа жаратылып атырған имканиятлар жөнинде айтып өтилди.
Буннан соӊ Ѳзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2022-жыл 31-август күнги «Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлик, инновациялық технологиялар ҳәм инфраструктураны жедел пәтлерде раўажландырыў арқалы халықтың абаданлығын арттырыўдың қосымша илажлары ҳаққында»ғы Пәрманыныӊ мазмун мәнисин ҳәм бәнтлеринде белгилеп берилген ўазыйпалар бойынша кеңнен түсиник берилди.