Қарақалпақстан Республикасында әдил судлаўды әмелге асырыў бағдарындағы жумыслар додаланды
Қарақалпақстан Республикасында әдил судлаўды әмелге асырыў бағдарындағы жумыслар додаланды
1386
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Нызамлылық, суд-ҳуқық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери комитетинде “Судлар ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасы Нызамының 37-статьясына муўапық пуқаралар ҳуқықларын ҳәм еркинликлерин, соның менен бирге кәрханалар, мәкемелер ҳәм шөлкемлердиң ҳуқықлары ҳәмде нызам менен қорғалатуғын мәплерин суд жолы менен қорғаўды әмелге асырыўға байланыслы жумыслары ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы суды ҳәм Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик суды баслықларының мәлимлемелери тыңланды.
Атап айтқанда Қарақалпақстан Республикасы жынаят ислери бойынша, пуқаралық ислери ҳәм экономикалық судлары тәрепинен 2022-жылдың 7 айы даўамында әдил судлаўды әмелге асырыўда бир қанша жумыслар әмелге асырылғанлығы атап өтилди.
Буннан басқа да, айырым қала ҳәм район ҳәкимлериниӊ орынбасарлары - шаӊарақ ҳәм ҳаял қызлар бөлими баслықлары, мәжбүрий орынлаў бюросы бөлимлери баслықлары, мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў бөлими баслықлары, мәмлекетлик басқарыў уйымлары басшылары қатнасында күн тәртибиндеги мәселелер додаланып, олардыӊ пикир ҳәм усыныслары тыӊланды.
Күн тәртибиндеги мәселеге байланыслы тийисли мәкеме басшылары, хызметкерлери ҳәм де ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты ҳәм мәжилис жуўмағы бойынша тийисли шешим қабыл етилди.