Исши топар тәрепинен үйрениў жумыслары алып барылмақта
Исши топар тәрепинен үйрениў жумыслары алып барылмақта
1340
Бүгинги күнде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Нызамлылық, суд-ҳуқық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў комитетиниң шешими менен исши топар дүзилген болып, қала ҳәм районлық комиссиялары тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 30-июльдағы «Адам саўдасы ҳәм мәжбүрий мийнетке қарсы гүресиў системасын буннан былай да жетилистириўге байланыслы қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы ПП-5775-санлы Пәрманы талапларының орынланыўы үйренилип шығылмақта.
Ағымдағы үйрениўлер даўамында исши топар Нөкис қалалық адам саўдасы ҳәм мәжбүрий мийнетке қарсы гүресиў комиссиясы тәрепинен әмелге асырылған жумыслар ҳәмде Нөкис қаласында жайласқан жәбирлениўши пуқаралардыӊ ден саўлығын тиклеў, психологиялық жәрдем көрсетиў ҳәм оларды жәмийетимизге қайта бейимлестириў бойынша реабилитация орайының жумыслары менен танысты.
Бундай үйрениўлер даўамында Өзбекстан Республикасы Президенти пәрманында белгиленген ўазыйпалардың турмысқа енгизилиўи ҳәм орынланыўы бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар көзден өткерилмекте.
Исши топар тәрепинен республикамыздың басқа да районларында бул бағдарда жумыслардың шөлкемлестирилиў жағдайын үйрениў жумыслары даўам етпекте.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети