Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң отыз бесинши сессиясы ҳаққында мәлимлеме
1350
Усы жылдың 12-сентябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниӊ отыз бесинши сессиясы болып өтти.
Сессияға Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты, Қарақалпақстан Республикасы ҳүкимети ағзалары, тийисли тараў басшылары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери, сондай-ақ, Жоқарғы Кеңестиң депутатлары қатнасты.
Сессияны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев кирис сөз бенен ашты ҳәм басқарып барды.
Дәслеп депутатлар сессияның Секретариатын сайлады ҳәм күн тәртибин тастыйықлады.
Сессия күн тәртибинде дәслеп «Қарақалпақстан Республикасыныӊ Ҳәкимшилик-аймақлық дүзилиси ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының жойбары мәселеси көрип шығылды.
Бул мәселе бойынша Жоқарғы Кеӊестиӊ Нызамлылық, суд-ҳуқық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери комитети баслығы Зухра Реймова баянат жасады.
Нызам жойбары менен:
- ҳәкимшилик-аймақлық дүзилис тараўындағы тийкарғы принциплер ҳәм түсиниклер биринши мәрте енгизилмекте;
- ҳәкимшилик-аймақлық дүзилис мәселелери бойынша қарар қабыллаўда мәмлекетлик уйымлардың ўәкилликлери ҳәм ўазыйпалары анық белгиленбекте;
- Қарақалпақстан Республикасында ҳәкимшилик-аймақлық дүзилис мәселелери бойынша комиссияларды дүзиў ҳәм жумысын жүргизиўдиң улыўма тәртиби, тийкарғы ўазыйпалары, сондай-ақ, комиссия тәрепинен жуўмақ шығарыў мүддетлери ҳәм мазмуны ретлестирилмекте;
- Қарақалпақстан Республикасында ҳәкимшилик-аймақлық дүзилис мәселелери бойынша усынысларды мәмлекетлик экспертизасынан өткериў тәртип-қағыйдалары ҳәм механизмлери орнатылмақта;
- Қарақалпақстан Республикасында ҳәкимшилик-аймақлық бирликлердиң мәмлекетлик реестри, оны дүзиўдиң тийкарғы өзгешеликлери ҳәм өз ишине алыўы керек болған мәселелер баян етилмекте;
Сондай-ақ, Нызам жойбарында Қарақалпақстан Республикасында ҳәкимшилик-аймақлық бирликлерди дүзиў ҳәм сапластырыў, ҳәкимшилик-аймақлық бирликлер шегараларын өзгертиў, ҳәкимшилик-аймақлық орайларын белгилеў ҳәм көшириў, сондай-ақ, бағыныўын өзгертиў тәртиби келтирилген.
Ҳақыйқатында да, баянатта келтирилгениндей, усынылып атырған Нызам жойбарының тийкарғы мақсети - Қарақалпақстан Республикасының ҳәкимшилик-аймақлық дүзилисиниң қурамлы бөлимлерин нызамлы нормалар арқалы беккемлеў, ҳәкимшилик-аймақлық дүзилис мәселелериниң мәмлекет тәрепинен тәртипке салыўды әмелге асырыўшы уйымлар ҳәм олардың ўәкилликлерин белгилеўден ибарат болып, бул нызам бүгинги күнде елимиздиӊ ҳәкимшилик-аймақлық мәселелерин тәртиплестириўши әҳмийетли нызам ҳүжжети болып табылады.
Буннан соң Кадастр агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы Исатай Тлеўов шығып сөйледи.
Бул мәселе бойынша депутатлар тийисли қарар қабыл етти.
Сессияныӊ күн тәртибиндеги кейинги мәселе, яғный, пуқаралар ҳуқықларын ҳәм еркинликлерин, соның менен бирге, кәрханалар, мәкемелер ҳәм шөлкемлердиң ҳуқықлары ҳәмде нызам менен қорғалатуғын мәплерин суд жолы менен қорғаўды әмелге асырыўға байланыслы жумыслары туўралы, Қарақалпақстан Республикасы суды ҳәмде Қарақалпақстан Республикасы Ҳәкимшилик суды баслықларының мәлимлемелери ҳаққындағы мәселе болып, бул бойынша Қарақалпақстан Республикасы судының баслығы Камал Тарихов ҳәм Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судының баслығы Амир Нурлипесовтың мәлимлемелери тыңланды.

Сондай-ақ, сессияда Мәмлекетлик тилди раўажландырыў, мәмлекетлик тилдиң ҳәрекет етиўи менен байланыслы машқалаларды анықлаў ҳәм сапластырыў бойынша әмелге асырылып атырған илажлар ҳаққында, Министрлер Кеңеси жанындағы Мәмлекетлик тилди раўажландырыў департаменти баслығының есабаты ҳаққындағы мәселе қаралды. Бул мәселе бойынша Министрлер Кеңеси жанындағы Мәмлекетлик тилди раўажландырыў департаменти баслығы Пердеғалый Дабылов баянат жасады.
Айтып өтилгениндей, латын жазыўына тийкарланған қарақалпақ тилинде таярланған «Мәмлекетлик тилде ис жүргизиў» әмелий қолланбасы 1000 нусқада баспадан шығарылды. «Қарақалпақ тилиниң санластырылған технологиясы» атамасындағы илимий әмелий жойбары Ташкент мәмлекетлик экономика университетиниң компьютер бағдарламашылары тәрепинен әмелге асырылмақта. Қарақалпақ тилиндеги аудиокитаплар платформасын жаратыў үстинде жумыслар алып барылып, суд ҳүжжетлеринде жүргизилип киятырған юридикалық терминлердиң қарақалпақ тилиндеги эквивалентлери Атамалар комиссиясы тәрепинен ислеп шығылмақта. Буннан тысқары, 5 томлық “Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлиги” китабы таярланып атыр. Соның менен бирге, қарақалпақ тилиниң энциклопедиялық сөзлигин тараўлар бойынша жаратыў жумыслары да алып барылмақта.
Сораў-жуўаплардан соң, бул мәселе бойынша тийисли қарар қабыл етилди.
Сессияның күн тәртибиндеги кейинги мәселе Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң айырым комитетлери қурамына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында болып, бул мәселе бойынша депутатлар тийисли қарар қабыл етти. Буннан соң Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының тийисли қарарларын тастыйықлаў ҳаққындағы мәселе көрип шығылды ҳәм депутатлар тәрепинен қарарлар қабыл етилди.
Усының менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң отыз бесинши сессиясы өз жумысын жуўмақлады.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети