Азық-аўқат қәўипсизлиги бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди
Азық-аўқат қәўипсизлиги бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди
1559
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев азық-аўқат қәўипсизлиги бойынша видеоселектор мәжилисин өткерди.
Дәслеп, мәжилисте гүзлик бийдай егиси жумысларының барысы ҳаққында сөз етилип, белгиленген графиктен артта қалып атырған районлар қатаң сынға алынды ҳәм ескертилди.
Сондай-ақ, гүзги жыйын-терим мапазын шөлкемескенлик пенен өткериў бойынша көрсетпелер берилип, жуўапкерлердиң есабатлары тыңланды.
Соның менен бирге суўдан үнемли пайдаланыў, ысырапгершиликтиң алдын алыў бойынша исленип атырған жумыслар көрип шығылды.
Мәжилис соңында анықланған кемшиликлерди қысқа мүддетте сапластырыў бойынша тараў жуўапкерлерине тапсырмалар берилди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети