Тахтакөпир районында ислеп шығарылған ас дузы өнимлери Германия мәмлекетине экспорт етилмекте
4299
Тахтакөпир районында жайласқан ас дузын қайта ислеўши «Good salt production» ЖШЖ тәрепинен ислеп шығарылып атырған ас дузы өнимлери ишки базарларымызға жеткерип берилмекте. Сондай-ақ, ислеп шығарылған өнимлер сырт ел базарларына да бағдарланып, ҳәзирги ўақытта Германия мәмлекетине экспорт етилип атыр.
Кәрхана тәрепинен буйыртпашы менен жәми 1 млн. евро мүғдарында шартнама дүзилип, дәслепки өнимлер Германия мәмлекетине жиберилди.
Мағлыўмат ушын: «Good salt production» жуўапкершилиги шекленген жәмийети жылына жигирма мың тонна ас дузын қайта ислеў қуўатлылығына ийе.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети