Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитети баслығы З.Реймова мәҳәллелерде алып барылып атырған жумыслар менен танысты
1014
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Нызамлылық, суд-ҳуқық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери комитети баслығы З.Реймова Нөкис қаласындағы «Алтын жағыс» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында алып барылып атырған қурылыс-оңлаў ҳәм абаданластырыў жумыслары менен жақыннан танысты.
Сондай-ақ, аймақ турғынлары арасында Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2022-жыл 31-август күнги ПП-213-санлы Пәрманыныӊ мазмун-мәниси ҳәм әҳмийети ҳаққында түсиник берилди.
Ушырасыў даўамында аймақ турғынларының күнделикли турмысында ушырасып атырған машқалалар үйренилди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети