Қурылыс жумысларыныӊ барысы депутатлар қадағалаўына алынбақта
1478
Қоӊырат районы ҳәкимлиги имаратында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Жергиликли ҳәкимияттыӊ ўәкилликли ҳәм пуқаралардыӊ өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳәм де мәмлекетлик уйымлардыӊ ашықлығын тәмийинлеў мәселелери комитети баслығы Ш.Отемисов қатнасыўында қурылыс объектлериндеги жумыслардыӊ барысы, олардыӊ өз мүддетинде сапалы қурылып тапсырылыўы бойынша депутатлық қадағалаў тәртибинде ислеўге арналған мәжилис өткерилди.
Өткерилген мәжилисте район аймағындағы бүгинги күнде даўам етип атырған қурылыс жумыслары барысы ҳаққында сөз етилип, депутатлар тәрепинен бул жумыслардың қадағалаўын турақлы алып барыў мәселеси сөз етилди.
Сондай-ақ, өткерилген илажда Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 31-августтағы «Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлик, инновациялық технологиялар ҳәм инфраструктураларды жедел пәтлерде раўажландырыў арқалы халықтың абаданлығын арттырыўдың қосымша илажлары ҳаққында»ғы ПП-213-санлы Пәрманының мазмунын ҳәм әҳмийетин халыққа жеткериў, исбилерменлик жумысын баслаў нийетиндеги пуқараларға кѳмеклесиў бойынша да пикирлер алмасылды.
Соныӊ менен бирге депутатлар район орайындағы көшелердиң архитектуралық көринисин заманагөйлестириў ҳәм абаданластырыў жумыслары менен танысып, ҳәр бир қурылыс объектлери, оларға мүддетинде қаржы ажыратылыўы, қурылысшыларға жаратылған шәраятлар депутатлық қадағалаўға алынды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети