Мәмлекетлик грантлар бойынша қабыл етилген жойбарлар комиссия мәжилисинде көрип шығылды
Мәмлекетлик грантлар бойынша қабыл етилген жойбарлар комиссия мәжилисинде көрип шығылды
2476
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң мәжилислер залында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси жанындағы жәмийетлик Фонды тәрепинен жәрияланған мәмлекетлик грантлар бойынша қабыл етилген жойбарлар комиссия мәжилисинде көрип шығылды.
Мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Социаллық-мәдений раўажланыў, жаслар сиясаты ҳәм жәмийетлик бирлеспелер мәселелери комитети баслығы Даўытбай Қурбаниязов ашты ҳәм алып барды.
Өткерилген мәжилисте жәмийетлик фонд тәрепинен жәрияланған мәмлекетлик грантлар бойынша кабыл етилген жойбарлар көрип шығыў ҳәм социаллық буйыртпа бойынша келеси финанс жылына келип түскен усынысларды комиссия мәжилисинде көрип шығып, тийисли шешим қабыл етиў, мәмлекетлик грант ажыратыў бойынша 5-таңлаўға әҳмийетли бағдарларды белгилеп алыў ҳаққындағы мәселелер көрип шығылды.
Айтып өтиў орынлы, Жоқарғы Кеңес жанындағы жәмийетлик Фонд тәрепинен усы жылы “Жәмийетте саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаўда мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларының белсендилигин арттырыў” атамасында 9 бағдарда мәмлекетлик грант бойынша
4-таңлаўы жәрияланған еди.
Бул жәрияланған таңлаў бойынша белгиленген мүддет ишинде бир қанша жойбарлар келип түскен болып, мәжилис даўамында келип түскен жойбарлар кең түрде талқыланды ҳәм айырым жойбарлардағы қәте-кемшиликлер атап өтилди.
Мәжилис даўамында Социаллық шериклик бойынша жәмийетлик комиссияның бағдарлама ҳәм жойбарлардың социаллық ҳәмде улыўма әҳмийетин анықлаў бойынша исши топар басшысы У.Жалменов сөзге шығып, жойбарлар ҳәм мәмлекетлик грант таңлаўында қатнасыў бойынша өзиниң пикир-усынысларын билдирди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети