Мектепке шекемги билимлендириў тараўында коррупцияға қарсы гүресиў бойынша семинар болып өтти
2471
Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў министрлигинде мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде коррупцияға қарсы гүресиў, бюджет қаржыларын талан-тараж етиўдиң алдын алыўға арналған семинар болып өтти.
Семинарды Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў министри Г.Бахиева ашты ҳәм алып барды.
Оған Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Нызамлылық, суд-ҳуқық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери комитети баслығы З.Реймова, Өзбекстан Республикасы Бас Прокуратурасы жанындағы экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаментиниң Қарақалпақстан Республикасы Басқармасының баслығы Е.Атаниязов, Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша аймақлық Кеңеси ағзалары, қала ҳәм районлық мектепке шекемги билимлендириў бөлимлери баслықлары қатнасты.
Өткерилген семинарда мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери, сондай-ақ, тараўдың барлық буўынларында мәмлекетлик бюджет қаржыларының мақсетке муўапық жумсалыўы, сондай-ақ, тараўда коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм оның алдын алыў ҳәм нызамлы түрде жумыс алып барыў бағдарында кең түрде түсиник берилди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети