Аўыл хожалығы тараўына арналған видеоселектор мәжилиси болып өтти
Аўыл хожалығы тараўына арналған видеоселектор мәжилиси болып өтти
1631
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев аўыл хожалығы тараўына арналған видеоселектор мәжилисин өткерди.
Өткерилген мәжилисте бүгинги күнде гүзлик бийдай егисиниң барысы, шор жуўыў ҳәм егислик майданларын таярлаў, бул бағдардағы жумысларды нәтийжели алып барыў бойынша мәселелер көрип шығылды.
Соның менен бирге айырым районлар гүзлик бийдай егиси режесинен артта қалып атырғанлығы сынға алынып, бул бойынша Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен бириктирилген исши топарға тийисли тапсырмалар берилди.
Айтып өтиў орынлы, бүгинги күнде республикамыз аймағында пахта терими мапазы даўам етип атырған болып, мәжилис даўамында бул бағдардағы жумыслардың шөлкемлестирилиўи барысы ҳаққында сөз етилди.
Сондай-ақ, онда республикамыздың бир неше районларында жумыслар нәтийжели шөлкемлестирилмегенлиги сынға алынып, жыйын-терим жумысларын мақсетке муўапық алып барыў бағдарында пахта далаларында теримшилер ушын қолайлы шәраят жаратыў, ыссы аўқат, транспорт пенен тәмийинлеў, терилген пахта ушын өз ўақтында төлемлерди әмелге асырыў тапсырмасы берилди.
Мәжилис даўамында орынлардағы нызамсыз егилген салы атызлары ҳаққында сөз етилип, бул бойынша мониторинг жүргизиў, ҳәр бир гектар ушын шәртнамаларды дүздириў, алынған зүрәәттиң дән кәрханаларына тапсырылыўын тәмийинлеў, пайдаланылған суў ҳәм электр энергиясы ресурслары ушын тийисли жәриймаларды қоллаў ҳәм өндириў бойынша белгиленген исши топар ағзаларына тапсырмалар берилди.
Мәжилис соңында аймақларда жыйын-терим мапазында мәжбүрий мийнет ҳәм балалар мийнетине жол қоймаў бойынша қатаң ескертилди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети