Қурылысда депутатлық қадағалаў жумыслары алып барылмақта
Қурылысда депутатлық қадағалаў жумыслары алып барылмақта
1101
10-сентябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев басшылығында республикамыз аймағындағы қурылыс жумысларының барысы бойынша видеоселектор мәжилиси болып өткен еди. Онда Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен депутатларға өз аймақларында алып барылып атырған қурылыс жумысларының жүргизилиўи ҳәм өз ўақтында пайдаланыўға тапсырылыўы, ажыратылған қаржылардың мақсетке муўапық жумсалыўы ҳәм қурылыстың сапалы алып барылыўы бойынша депутатлық қадағалаўды турақлы жолға қойыў бойынша тапсырмалар берилген еди.
Тапсырманың орынланыўын тәмийнлеў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутатлары З.Абдуллаева ҳәм С.Гичгелдиева Төрткүл районы «Гөне Төрткүл» АПЖда жайласқан 12-санлы улыўма билим бериў мектебиниң қурылысы жумысларын үйренип шықты.
320 орынлы мектеп имаратында қурылыс жумыслары алып барылған болып, 31-августта пайдаланыўға тапсырылған ҳәм бүгинги күнде мектеп оқыўшылары оқыўы даўам еттирилип атыр. Буннан тысқары, мектептиң үш этажлы жәми 420 орынлы жаңа имаратының қурылысы жедел пәтте даўам етпекте. Депутатлар кесип алып ислеўши кәрхана жуўапкерлерине қурылыс жумысларының өз ўақтында жуўмақланыўы бойынша турақлы түрде депутатлық қадағалаўы жүргизилетуғынлығы бойынша айтып өтти ҳәм бул бағдарда бирге ислесиў кереклигин атап өтти.
Буннан соң депутатлар «Шорахан» АПЖ аймағында жайласқан 44-санлы улыўма билим бериў мектебиниң 220 орынлы имаратында ҳәм спорт залында алып барылған қурылыс жумыслары менен танысты ҳәм мектептиң жаңадан қурылып атырған 2 этажлы 330 орынға арналған жаңа имаратының қурылыс жумысларын көзден өткерди. Үйрениўлер даўамында қурылыс жумысларының талап дәрежесинде алып барылмай атырғанлығы, зәрүр болған қурылысшылар санының аз екенлиги анықланып, қурылыс жумысларын өз ўақтында жуўмақланыўы депутатлар қадағалаўында екенлиги бойынша жуўапкерлер ескертилди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети