«Алтын Жағыс» мәҳәлеси абат мәканға айланбақта
1106
Бүгинги күнде Нөкис қаласындағы 29 мәҳәлле «Аўыр аймақ»лар қатарына киргизилген болып, аймақлардың инфраструктурасын жақсылаў, жол, ишимлик суў, газ ҳәм электр тәмийнаты сыяқлы машқалаларды шешиў бойынша кең көлемли қурылыс-оңлаў ҳәм абаданластырыў жумыслары алып барылмақта.
«Алтын жағыс» мәҳаллесинде усы жылдың сентябрь айынан аймақты абат етиў жумыслары баслап жиберилген еди. Бүгинги күнге келип, мәҳәллениң жәми 32 көшеси топырақ жолдан қум-щебень (ЩПС) араласпалы тас жолларға айландырылды. Ҳәр бир көшеде абаданластырыў жумыслары алып барылып, үйлердиң фасад көринислери жақсыланды. Сондай-ақ, Ташкент қаласы ҳәкимлиги қәўендерлигинде мәҳәлле имараты қурылысы жумыслары да баслап жиберилген.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Нызамлылық, суд-ҳуқық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери бойынша комитет баслығы З.Реймова мәҳәлледе алып барылып атырған ийгиликли жумыслар менен жақыннан танысып, қурылыс жумыслары депутатлық қадағалаўда екенлигин билдирди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети